Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети студентлер турар жайында жасап атырған студент жаслар менен тәлим –тәрбия ҳәм жасларды шаңараққа таярлаў бойынша дөңгелек стол әтирапындағы сәўбетлесиў кешеси болып өтти.
Университет Ҳаял қызлар Кеңесиниң баслығы И.Сейтназарова, университет психологы Г.Реймбаева, педагог-тәрбияшылар тәрепинен өткерилген сәўбетлесиў кешесиниң мақсети талабалардын руўхый-психологиялық орталығын жақсылаў, унамсыз жағдайлардың алдын алыў, ҳәм жасларды шаңараққа таярлаў болып табылады. Соңынан пикирлесиў даўамында студентлер өзлериниң унамлы, позитив кейпиятқа ийе болғанлығын, тез-тез усындай ашық сәўбетлесиўлер өткерилип турылыўы тәрепдары екенлигин билдирди.
