Тарийх факультети Социаллық пәнлер кафедрасы Социология қәнигелиги 1-курс студентлер топар басшысы Несибели Заретдинова менен пайтахтымыз Нөкис қаласында жайласқан И.В.Савицкий музейинде саяхатта болды.
Бул саяхат даўамында студентлер халқымыздың бай тарийхы менен бирге улыўма инсаный қәдириятлар болған дүнья ҳалықлары мәдений естеликлери менен де танысты. Бундай илажлардың өткерилиўи жасларды руўхый жетик инсанлар болып жетилисиўинде үлкен әҳмийетке ийе екенлигин Президентимиз Ш.М.Мирзиёев ҳәр бир сөзинде мысаллар менен келтирип өтеди.
Илаждан тәсирленген теңлеслеримизден бири Мақсет Орынбаев былай дейди: «Музейдеги бүгинги күн мен ушын умтылмас болды. Неге дегенде бул жердеги ҳәр бир экспонат өзинде терең мәни жасырғандай. Әсиресе, менде Волков тәрепинен сызылған «Өгиз» атлы композиция айрықша тәсир қалдырды. Теңлеслериме музейге келип, әлбетте бул сүўрет тарийхын үйрениўди мәсләҳәт беремен » -дейди.
Әлбетте, өзинде 300 мыңнан аслам экспонатты жәмлестирген бул музейди тамашалаўға бир күн азлық етеди. Сол ушында топар студентлери руўхыйлық күнлери шеңберинде бундай илажларды шөлкемлестириўди өз алдына мақсет етип қойды ҳәм сол менен музейге шөлкемлестирген саяхатын жуўмақлады.
Назарбаева Шахноза
Тарийх факультети,
Социология қәнигелиги 1-курс студенти.