Экономика факультетинде ата-аналар менен ушырасыў

Экономика факультетинде 1-курс студентлери ата-аналары менен ушырасыў болып өтти. Ушырасыўды факультет деканы Т.Жиемуратов алып барып, оқыў жылы даўамында студентлердиң университет ишки тәртип-қағыйдаларына бойсыныўы, сабақларға өз ўақтында келиўи, себепсиз сабақ қалдырмаўы, топар басшысы ҳәм де университет басшылары тәрепинен тапсырылған ўазыйпаларды өз ўақтында орынлаўы зәрүр екенлиги ҳаққында айтып өтти. Соның менен бирге Министрлер Кеңесиниң 31.12.2020 жылдағы «Жоқары оқыў орынларында билимлендириў системасын шөлкемлестириў менен байланыслы системанын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы 824-санлы қарары менен таныстырды. Факультеттиң оқыў ислери бойынша декан орынбасары Н. Бегленов усы қарарда көрсетилген ҳәр бир бәнтлери бойынша түсиник берип өтти. Ата-аналарды қызықтырған сораўларға жуўаплар қайтарылды.

 

Пайдалы дереклер