Бердақ атындағы қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Өзбекстан Республикасына хызмет кѳрсеткен физкультура ҳәм спорт хызметкери, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери Юрий Иванович Кулаковтың 85 жасқа толыӯына арналған Қарақалпақстан Республикасы спорттың волейбол түри бойынша ерлер арасында турнири басланды.


