Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Өзбекстан Республикасы дене мәденияты ҳәм спортына мийнети сиңген хызметкер, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият ғайраткери, доцент Юрий Иванович Кулаковтың 85 жыллық юбилейине арналған руўхый ағартыўшылық илаж болып ѳтти.
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры А.Реймов кирис сѳзге шығып, юбилярдың Қарақалпақстан Республикасы спорты тарийхындағы салмақлы мийнетин атап ѳтти. Соң Юрий Иванович Кулаковтың 85 жыллық юбилейине бағышланған салтанатлы илажды ашып берди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов шығып сѳйлеп, Қарақалпақстан спортын раўажландырыўға қосқан мийнетлери ҳаққында айтып ѳтти.
Соң юбилей мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң қутлықлаўын оқып еситтирди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары менен “Ардақлы нураний” кѳкирек белгиси менен сыйлықланған Юрий Иванович Кулаковқа усы сыйлықты салтанатлы жағдайда тапсырды.

Университет нуранийлер кеңеси баслығы, профессор Б.Абдикамалов, Қарақалпақстан Республикасы дене тәрбиясы ҳәм спорт министри Ғ.Байниязов, Өзбекстан Республикасы Олий мәжилис Сенаторы Б.Матмуратов, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогика институты ректоры Б.Утемуратов, Спортшы ветеранлар атынан, Екинши дәрежели «Саламат әўлад» ордени ийеси, спорт устасы С.Абдиғапбаров, «Биология ҳәм физология» кафедрасы баслығы, профессор А.Матчанов, «Ярымөткизгишлер физикасы» кафедрасы баслығы, профессор Қ.Исмайлов, «Дене мәденияты ҳәм теориясы» кафедрасы доценти А.Казаковлар сѳзге шығып, спорт тараўын раўажландырыў жолындағы пидайы мийнетлери ҳаққында тоқтап ѳтип, 85 жыллығы менен қутлықлады.
Қутлықлаўларда атап ѳтилгениндей, Юрий Иванович Кулаковтың басып ѳткен ѳмир жолына нәзер салсақ, көплеген жуўапкерли лаўазымларда ислейди. Шебер шѳлкемлестириўшилиги менен университетте 15 жыл даўамында факультет деканы, 15 жыл даўамында дене тəрбиясы ҳəм спорт кафедрасы баслығы, соң университет бирлескен кəсиплик аўқамы жетекшиси, 1991-1992-жыллары руўхыйлық ҳәм тəрбиялык ислер бойынша биринши проректор лаўазымларында жемисли мийнет етти.
1964-жылы Қарақалпақстан Республикасы бойынша биринши болып Ю.И.Кулаковқа «Волейбол бойынша республикалык дəрежедеги төреши», ал, 1969-жылы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумы қарарына муўапық «Хызмет керсеткен мəденият ғайраткери» атақлары берилди.
Тренер сыпатында Ю.И.Кулаков Қарақалпақстанда өзиниң волейбол мектебин дүзе алды. Бүгинги күнде Ю.И.Кулаков жаратып кеткен мектепти оның шəкиртлери Аллаяр Казаков (ер балалар командасы тренери) ҳəм Азат Казаков (қызлар командасы тренери) мүнəсип тəризде даўам еттирип келмекте.
Ѳткерилген илаж даўамында Ю.И.Кулаков сѳзге шығып, қарақалпақ халқына, әсиресе ѳзи узақ жыллар мийнет еткен университет жәмәәтине терең миннетдаршылық билдирди.
Саналы ѳмирин жаслар тәрбиясы ушын арнаған инсанның мийнетлери пүткил халқымыз тәрепинен ардақланып, келешек әўлад ушын тәрбия мектеби болып қала береди.
ҚМУ Баспасѳз хызмети.