Жаңа Ѳзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалардың әҳмийетин түсиндириў мақсетиндеги оқыў курсы

Ѳзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының «Аймақларда сиясий партиялар ҳәм олардың хызметин сәўлелендириўге қәнигелескен ҒХҚ ўәкиллери, жергиликли Кеңеслердеги партия топарлары ағзалары ушын оқыў курсларын шѳлкемлестириў ҳаққында»ғы 2021-жыл, 21-февралдағы 05-03-297ХДФУ-санлы тапсырмасын орынлаў мақсетинде Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде оқыў курсы шѳлкемлестирилди.

Оқыў курсын шѳлкемлестириўдеги мақсет  Жаңа Ѳзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалардың мазмун ҳәм әҳмийетин кеңнен түсиндириў болып табылады.

Оқыў курсы барысында Ѳзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтың Олий Мажлиске Мүрәжатнамасының мазмун-әҳмийети, Ѳзбекстан Республикасын және де раўажландырыў бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы тийкарында мәмлекетте әмелге асырылып атырған реформалардың мазмуны ҳәм әҳмийети, «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы» мәмлекетлик бағдарламасының тийкарғы жѳнелислери, демократиялық реформаларды тереңлестириў ҳәм мәмлекетти модернизация етиўде сиясий партиялардың ролин және де күшейтиў мәселелери әтирапында түсиниклер берилди.

Илажға Өзбекстан Республикасы Олий мәжилис Сенаторы Б.Матмуратов, Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры А.Реймов ҳәм республикамыздың жоқары оқыў орынларының профессор оқытыўшылары қатнасты.

                                                                                                                                              ҚМУ Баспасѳз хызмети.

 

 

 

Пайдалы дереклер