«Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўы өткерилди

Қарақалпақ мǝмлекетлик университети көлеминде студент жаслардыӊ бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президенти тǝрепинен билдирилген  5 басламаның биринши басламасы болған жасларды музыка, сүўретлеў өнери, ǝдебият, театр ҳǝм кѳркем ѳнердиң басқа түрлерине қызығыўшылығын асырыў мақсетинде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети факультетлер арасында «Жайхун» командасының ветеран сәрдары, «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўының 2005-жылғы чемпионы марҳум Илҳам Саймановтың естелигине бағышлап 2021-жылдың 20-21 февраль күнлери университет Мәденият сарайында таңлаўға университет факультетлери ҳәм сыртқы бөлимнен жәми 16 команда қатнасты.

 

Таңлаў жуўмағы төмендегише:

  1. Қурылыс факультетиниң «Инженеринг» командасы (80 балл)
  2. Тарийх факультети «Ғулпақлар» командасы (76 балл)
  3. Шет тиллери факультети «Дилмаш интернейшил» командасы (76 балл)
  4. Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистикасы факультети «Қарекең» командасы (73 балл)
  5. Архитектура факультети «Жас архитектура» командасы (72,5 балл)

 

Таңлаўда жеңимпаз болған 5 команда финал басқышына жоллама алды. Финал басқышы 2021-жыл 28-февраль күни өткериледи.

Пайдалы дереклер