Университет студентлер турар жайында «келиң қызлар сырласамыз» атамасында ашық сәўбетлесиў кешеси болып ѳтти. Онда студент қызлар тәрепинен күнделикли турмыстағы ушырасатуғын ҳәр қыйлы сораўларға Ҳаял- қызлар Кеңеси баслығы И. Сейтназарова ҳәм психолог Г. Реймбаева тәрепинен толық жуўаплар берилди. Ушырасыў кешеси мазмунлы ѳтти.

Ушырасыў соңында психолог тәрепинен дыққат ҳәм ойлаў қәбилетин раўажландырыўшы тренинг ѳткерилди.