УНИВЕРСИТЕТ МАГИСТРАНТЫ «ҮМИТ УШҚЫНЫ» КѲКИРЕК НЫШАНЫ МЕНЕН СЫЙЛЫҚЛАНДЫ

8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен Нөкис қаласында байрам кешеси өткерилмекте. Оған республикамыздың түрли саласында ислеп, мийнет етип атырған ҳаял-қызлар, мийнет ветеранлары қатнаспақта. Байрам мүнәсибети менен ҳаял-қызлар мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықланды. Олар арасында талантлы жаслардың бири, Қарақалпақ мәмлекетлик университети магистранты Наргиза Балтабаева «Үмит ушқыны» көкирек нышаны менен сыйлықланды.

Мағлыўмат ушын, Наргиза Балтабаева халықаралық ҳәм республикалық таңлаўлар жеңимпазы. Өзбекстан Жаслар аўқамы стипендиясын Қарақалпақстан Республикасынан биринши алған стипендиант, Ислам Каримов атындағы Мәмлекетлик стипендия ийеси.

Байрам қуўанышларын безеген бул хош хабар ҳәр бир жас ушын қанат берери анық.

 Магистрант қыздың бул табыслары менен қызғын қутлықлаймыз!

 

 

Пайдалы дереклер