Биология факультетинде 05-март куни 1-2-3-4-курс биология топарлары жигитлери арасында спорттыӊ фудбол туринен жарыс болып өтти. Бул жарыс талабалардыӊ бос ўақытларын мазмунлы өткериў, саламатластырыў, 1-2-3-4-курс талаба жигитлери арасында дослық қатнасықларды және де күшейтиў мақсетинде өткерилди.
Фудбол бойынша болып өткен жарысқа Биология факультетиниӊ 1-2-3-4-курс биология топарлары қатнасып, жарыс жуўмағында
биринши орынды 3-қарақалпақ биология топар жигитлери , екинши орынды 4-қарақалпақ ҳәм өзбек биология топарлары жигитлери, ушинши орынды 3-өзбек биология топары жигитлери
ийеледи. 3-А биология топары талабасы Оразбаев Темирбек ең жақсы ойыншы деп табылды.
Фудбол бойынша болып өткен жарысқа А.Қазақбаев төрешилик қылды.
Жарыс соӊында Улыўма биология ҳәм физиология кафедрасы жаслар менен ислесиў бойынша кафедра баслығы орынбасары PhD И.Арепбаев шығып сойлеп, жеӊимпазларды қутлықлады ҳәм белсенди қатнасқаны ушын факультет жигитлерине миннетдаршылық билдирди. Жеӊимпазларға Биология факультети тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.




