ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАР АРАСЫНДАҒЫ ЖАРЫС ЖУЎМАҚЛАНДЫ

Усы жылдың 4-5-март күнлери қарақалпақ мәмлекетлик университети спорт клубы «Халықаралық ҳаял-қызлар» байрамына арнап спорттың волейбол түри бойынша профессор-оқытыӯшы ҳәм хызметкер ҳаял-қызлар арасында жарыс шөлкемлестирди. Жарыста университетимизден 11 команда қатнасты.

Қызғын беллесиўлерге бай болған жарыс жуўмағы бойынша 9-март күни усы жарыста беллескен барлық команда ағзалары байрам мүнәсибети менен университет кәсиплик аӯқамы ҳәм спорт клуб тәрепинен сыйлы саӯғалар менен сыйлықланды.

 

Пайдалы дереклер