Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры А.Реймовтың басшылығында университет студентлериниң жасаў орны менен танысыў, машқалаларын үйрениў мақсетинде студентлердиң жасаў мәнзиллеринде ушырасыўлар болды.
Ректор университет студентлериниң ижара бойынша жүзеге келип атырған машқалаларын үйренди. Соның менен бирге, олардың жасаў мәнзиллери қызыл, жасыл, сары категорияларға бөлинди. Кирейде тәртип – интизамды сақлаў, ийис газинен зәҳәрлениўдиң алдын алыў бойынша түсиник жумыслары алып барылды.
Университет ректорының басшылығында Жаслар менен ислесиў бойынша проректор С.Алаўатдинов ҳәм Жаслар Аўқамы Университет жетекшиси Д.Абаданов және де факультет деканлары студентлердиң жасаў мәнзилинде болып, олардың турмыс жағдайларын терең үйренди.
Студент жаслардың усыныслары тыңланып, тийисли басшыларға тапсырмалар берилди. Соның менен бирге, кирей ийелери менен де сәўбетлесиўлер алып барылды.
Студентлердиң жасаў орнында барлық шараятлар жаратылған болыўы керек. Әсиресе, газ қурылмаларының туўры орнатылғанлығының тексерилиўи кереклиги бәршеге бирдей белгили. Басшылар да мине усыларды көзден өткерди ҳәм студентлерди түрли кеўилсиз жағдайлардың алдын алыўы ушын сергекликке шақырды.
Мағлыўмат ушын, университетте ижарада турыўшы студентлер саны 4979 ға туўра келеди.




