2021-жыл 15-март күни қарақалпақ мәмлекетлик университети спорт клубы студент жаслардың бос ӯақытларын мазмунлы өткериӯ ҳәм саламат турмыс тәризин қәлиплестириӯ мақсетинде стол тенниси бойынша университет бириншилигин өткерди. Жарысқа факультетлерден 82 студент жаслар қатнасты. 17-март күни жарыс жуӯмақланып, сыйлы орынларды ийелеген студентлер Спорт клуб тәрепинен баҳалы саӯға ҳәм тийисли дәрежедеги дипломлар менен сыйлықланды.


