Университетте улыўма орта билим бериў мектеплериниң 10-11-класс оқыўшылары арасында Республикалық кѳлемде “Ректор кубогы” ашық олимпиадасы  болып ѳтти

 Улыўма орта билим бериў мектеплериниң 10-11-класс оқыўшылары арасында Республикалық кѳлемде информатика ҳәм физика пәнлеринен “Ректор кубогы” ашық олимпиадасының республикалық басқышы 24-март күни Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде болып ѳтти.

Илажды Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры А.Реймов кирис сѳзи менен ашып берди.

Олимпиада оқыўшылардың талант ҳәм қәбилетлерин жәнеде раўажландырыў, жоқары оқыў орынларына кириўи ҳәм таярлық кѳриўи ушын шараятлар жаратыў менен бирге улыўма орта билим бериў мектеплеринде саламат бәсеки орталығын қәлиплестирип, оқыўшылардың билим алыўға болған қызығыўшылығын раўажландырып, улыўма орта билимлендириўдиң мәмлекетлик билимлендириў стандарты талапларын сапалы орынланыўын тәмийинлейди.

Олимпиаданы шѳлкемлестириў Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл, 6-ноябрьдеги “Ѳзбекстанның жаңа раўажланыў дәўиринде тәлим-тәрбия ҳәм илим–пән тараўларын жетилистириў ис-илажлары ҳаққында”ғы ПФ-6108-санлы Пәрманы ҳәм 2020-жыл, 6-ноябрдеги “Тәлим ҳәм тәрбия системасын жәнеде раўажландырыўға байланыслы қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы ПҚ-4884-санлы қарарында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Ѳзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен 2020-жыл, 30-декабрьде тастыйықланған “Жол картасы”нда белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў мақсетинде улыўма орта билим бериў мектеплериниң 10-11-класс оқыўшылары арасында республикалық кѳлемде физика ҳәм  информатика пәнинен “Ректор кубогы” ашық олимпиадасын ѳткериў арқалы мектеп оқыўшыларының усы пәнлерди терең үйрениўин жолға қойыўдан ибарат.

Олимпиаданың тийкарғы мақсети оқыўшылардың интеллектуал дѳретиўшилик қәбилетин анықлаў ҳәм раўажландырыў, инталы оқыўшыларды қоллап-қуўатлаў, илимий билимлерди жаслар арасында тарқатыў ушын зәрүр шараятларды жаратыўдан ибарат.

Олимпиаданың ўазыйпалары зийрек ҳәм дѳретиўшилик қәбилети бар жасларды анықлаў, математика, информатика, физика пәнлерин тереңнен үйрениў мотивациясын күшейтиўден ибарат болып, бүгинги мектеп оқыўшысының излениўшеңлигин асыратуғын үлкен қоллап-қуўатлаў десек орынлы болады.

Азанғы мәҳәл басланған олимпиада күнниң екинши ярмында ѳз жуўмағына жетип, жеңимпазлар анықланды. Жеңимпазларды сыйлықлаў басқышында университеттиң оқыў ислери бойынша проректоры О.Дуйсенбаев сѳзге шығып, мәмлекетимизде физика ҳәм  информатика пәнин терең үйрениўге қаратылған жақсы басламаларға тоқтап ѳтти.

Профессор Б.Абдикамалов: “бул жеңимпаз жаслар ертеңги күни университетимиздиң студенти болса, мен ҳәр қашан сизлер менен бирге ислесиўге таярман” деп зийрек оқыўшы жасларға жоқары исенимин билдирди. Усындай исенимге ылайық жаслардың билими әдил баҳаланып, ҳақыйқый жеңимпазлар “Ректор кубогы” ашық олимпиадасының сыйлы саўғалары менен сыйлықланды.

Шәкиртлер табысында билим берген устазлардың мийнети айрықша, сонлықтанда муғаллимлери де итибардан шетте қалмады.

Бүгинги сыйлық ѳз ийелерин айрықша қуўандырып қоймастан, илим ийелеў жолына тасланған исенимли қәдем болды десек орынлы.

 

 

                                                                                                                                               ҚМУ Баспасѳз хызмети.

 

Пайдалы дереклер