ЮНЕСКО жумыслары бойынша Ѳзбекстан Республикасы миллий комиссиясының усы жыл 18-февралдағы 047/21-санлы хатына муўапық тѳмендегилерди мәлим етемиз:
Турақлы раўажланыў билимлендириўи тараўындағы ЮНЕСКО ҳәм Япония ҳүкимети сыйлығының 2021-жыл ушын таңлаўы жәрияланды. Усы сыйлық таңлаўында қатнасыў ушын Турақлы раўажланыў билимлендириўин кең үгит-нәсият етиўге ҳәм раўажландырыўға үлес қосып киятырған белгили алым, илимпазлар топары яки шѳлкем кандидатурасы усынылыўы мүмкин. Ҳәр бир ағза-мәмлекеттен усыныс етилетуғын кандидатуралар саны 3 (үшеў) етип белгиленген. Сыйлық муғдары 150 мың АҚШ долларын қурап, 3 лауреатқа тең бѳлистириледи. Усы таңлаўға қатнасыў тилегин билдирген кандидатуралардың анкеталары (тийисли мағлыўматлар қосымша етиледи) ингилис яки француз тилинде толтырылып, тийисли материаллар (фото сүўрет ҳәм видео кѳринислер) менен бирге усы жылдың 1-апрель күнине шекем Министрликтиң Халықаралық байланыслар басқармасына жиберилиўи тийис.
Ҳүжжетлерди толтырыў бойынша анық мағлыўмат пенен https://en.unesco.org/prize-esd веб -бети арқалы танысыў ҳәм дизимнен ѳтиў мүмкин.
ҚМУ Халықаралық байланыслар бѳлими.