Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниӊ «Улыўма экономикалық пәнлер кафедрасы» баслығы Утемуратова Гулнарахан “Ўатан пидайысы” көкирек нышаны менен сыйлықланды

Усы жылдың 28-март күни  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси тәрепинен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында “Ардақлы нураный” ҳәм «Ўатан пидайысы” көкирек нышаны менен сыйлықлаў мәресими болып өтти.  Бунда елимиздиӊ белсенди тараў хызметкерлерине көкирек нышанлары берилди. Солардың қатарында Университетимиздиң Экономика факультети «Улыўма экономикалық пәнлер кафедрасы» баслығы Утемуратова Гулнарахан Хожаниязовна “Ўатан пидайысы” көкирек нышаны менен сыйлықланды.

 

                                                          Экономика факультети декан орынбасары Қаржаўбай Нурманов

Пайдалы дереклер