Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңесиниң 2020-жыл 16-декабрьдеги 2-13 «с» санлы «2021-жылда ислеўшилер ҳәм олардың шаңарақ ағзаларының созылған байрам күнлеринде унамлы ҳәм пайдалы дем алыўын шөлкемлестириўге жәрдемлесиў ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети кәсиплик аўқам комитети тәрепинен усы жылдың 2-5-апрель күнлери аралығында Самарқанд қаласына саяхат шөлкемлестирилди. Саяхатқа Университет нураний профессор-оқытыўшылары, университет хызметкерлеринен жәми 50 ҳәм университеттиң студентлеринен ибарат 50 (университеттиң жәмийетлик жумысларында белсенди, зийрек ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж) жас Самарқанд қаласына саяхатқа барды.

Саяхат даӯамында Имам Ал Бухарий махбарасы, Гөр Амир мақбарасы, Улуғбек абсерваториясы, Хожа Данияр макбарасы, Шохи –Зинда махбарасы, Өзбекстан Республикасының Биринши Президенти И.Каримов мақбарасы, Бийби ханым мақбарасы, Регистан майданларын зиярат етип қайтты.
А.АЛЛИЯРОВ.
ҚМУ. Кәсиплик аўқам комитет баслығы.