Қурылыс факультети студент-жаслары сабақтан бос ўақытлары факультет аймағын абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў бойынша өз үлеслерин қосыўды алдына мақсет еткен. Атап айтқанда Сайымбетова Насиба басқарған 2-курс «имарат ҳәм иншаатлар» бағдары студентлери басқаларға үлги болғандай жумысларды әмелге асырып, жерлерди таярлап мийўе ҳәм гүл нәллерин егип, факультет әтирапын көклемзарластырыўға үлкен үлесин қосып атыр.
«Аймағымыз тазалығына өз үлесимизди қосамыз» ураны астында өткерилип атырған абаданластырыў жумысларына Қурылыс факультети студент-жаслары сабақтан бос ўақытлары билсене қатнасып өз үлеслерин қосады.


Қурылыс факультети
инженерлик коммуникация
қурылысы ҳәм монтажы кәнигелиги
1-курс студенти А. Рейпназаров.