СТУДЕНТ ҚЫЗЛАР МЕНЕН АШЫҚ СӘЎБЕТЛЕСИЎ

  Усы жыл 7-апрель күни Қарақалпақ мәмлекетлик университети  Ҳаял-қызлар кеңеси басламасы менен  университет мәденият сарайында университет   студент қызлары ҳәм профессор-оқытыўшы ҳаял-қызлар қатнасыўында  ҳаял-қызлар арасында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын  алыў, сезим мүнәсибетлери, ҳаял-қызлардың кийиниў  ҳәм қарым-қатнас мәденияты мәселелерине арналған ашық  сәўбетлесиў болып өтти.

Бул сәўбетлесиў Химия-технология, Дене мәденияты ҳәм де Физика факультетлери ҳаял-кызлары арасында  өткерилди.

Сәўбетлесиўди өткериўдеги тийкарғы мақсет студент қызлар арасында ушырасатуғын кеўилсиз жағдайлар, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәм де ҳаял-қызларымызды миллий  менталитетимизге жат  болған иллетлерден, қәўип-қәтерлерден қорғаў болып болып есапланады.

Сәўбетти университет  ҳаял-қызлар Кеңеси баслығы И.Сейтназарова баслап берди ҳәм алып барды.

 

 Сәўбетлесиў кешесинде  Қарақалпақстан Мусылманлар Қазыяты ҳаял-кызлар мәселелери бойынша қазы орынбасары Т.Досымбетова, Нөкис қаласы ишки ислер органлары жумысларын муўапыкластырыў басқармасы жанындағы тергеў бѳлими аға тергеўшиси А.Досназаров, университет психологы Г.Реймбаевалар  қатнасты ҳәм шығып сѳйледи. Сәўбет барысында студент қызлар да өз пикирлерин билдирди ҳәм өзлерин қызыктырған сораўларына жуўаплар алды.

            ҚМУ Ҳаял-қызлар Кеңеси тәрепинен шөлкемлестирилип атырған бул  Ашық сәўбетлесиў кешеси 2021-жыл 7- апрелден 10-апрель аралығында белгиленген кесте тийкарында ҳәр бир факультетте  өткериледи.

 

                                                                                                                ҚМУ Ҳаял-қызлар Кеңеси.

 

 

Пайдалы дереклер