«Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының қабыл етилиўи ҳәм раўажланыўы» атамасындағы илимий-теориялық конференция

Илимге таянған Жаңа Ѳзбекстанда илим пидайылары менен ҳәр бир тараўдың кѳрнекли инсанларының басып ѳткен ѳмир жолларын терең үйрениўге айрықша итибар менен қаралады. Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети усы жақсы басламаларға садық қалған ҳалда ѳзлериниң илимий ҳәм әмелий тәжрийбеси менен  изинде из қалдырған тулғалардың мийнетлерин тереңнен үйрениў барысында илимий-теориялық конференцияларды шѳлкемлестириўди жақсы жолға қойған.

  «Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының қабыл етилиўи ҳәм раўажланыўы» атамасындағы республика илимий-теориялык конференциясы университеттиң юридика факультетинде болып ѳтти.

Илимий-теориялык конференцияны Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры, профессор Ахмед Реймов кирис сѳзи менен ашып берди.

-Өзлериниң илимий ҳәмде әмелий тәжрийбеси менен келешек әўладқа үлги тымсалы болған бул еки устаз юридика факультетинде билим алып атырған студент жасларымыз ушын тәрбия мектеби десек, усы  алымлардай болыўында олардың халық ушын ислеген хызметлери ҳәм илимий мийнетлери ҳақыйқый түртки беретуғыны сөзсиз,- деп атап ѳтти университет ректоры.

 

         Конференция Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының жойбарын ислеп шығыўда қатнасқан юридика илимлери докторы, профессор, мәмлекетлик ғайраткер Ниетуллаев Сағындық Даўлетиярович ҳәмде көп жыллар Қарақалпақстан Республикасы прокуроры, кейин ала Өзбекстан Республикасы Бас прокурорының орынбасары, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасы баслығы лаўазымында хызмет еткен Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен юрист, юридика илимлери кандидаты Халимов Хакимбай Ашировичлердиң естелигине бағышланды.

С.Нийетуллаев ҳәмде Х.Халимовлардың көплеген илимий мийнетлери баспадан жарық көрген болып, бүгинги күнде де өз ǝҳмийетин ҳǝм актуаллығын жойтпады. Бул алымларымыздың илимий мийнетлерин үйрениў ушын студент жаслар, жас алымлар ҳǝм излениўшилерге юридика факультетинен арнаўлы хана ажыратылған.

Конференцияда еки бирдей тулғаның ѳмир жолы ҳәм ислеген хызметлери ҳаққында кеңнен баянат жасалды.

Илимий-теориялык конференцияда университеттиң юридика факультети деканы, профессор Е.Қутыбаева «Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы демократияның ҳуқықый негизи» атамасындагы баянаты менен қатнасты.

         Ѳткерилген илажда студент жасларымыз тийкарғы Нызамымыз болған Конституцияның мазмун-мәнисин терең уғыныўы менен бирге халық ушын хызмет еткен ҳәр қандай инсанның уллылыққа толы ѳмир жолы ҳәр қашан мәңги екенлигин және бир мәрте терең сезинди.

                                                                                                                           ҚМУ Баспасѳз хызмети.

 

 

Пайдалы дереклер