СТУДЕНТЛЕР  «ҮСТИРТ ГЕОФИЗИКА ЭКСПЕДИЦИЯСЫ»НДА ӘМЕЛИЯТ САБАҚЛАРЫН ѲТЕП АТЫР

«Ѳзбекгеофизика» АЖ филиалы «Үстирт геофизика экспедициясы» менен университет ортасында дүзилген шәртнамаға тийкарланып География ҳәм тәбийий ресурслар факультетиниң  3-курс «Нефть ҳәм газ кәнлерин иске түсириӯ ҳәм олардан пайдаланыӯ» қәнигелиги студентлери ушын әмелий ҳәм лаборатория жумыслары кәрханада қәнигелер менен биргеликте алып барылып атыр.

Студентлер әмелият сабақларды кәрханада өтиӯ барысында нефть ҳәм газ қудықларындағы техника қәӯипсизлиги қағыйдаларын,  геофизикалық үйрениӯлер алып барыӯда қолланылатуғын әсбап-үскенелер менен жақыннан танысып, олардың қай бири қандай жағдайларда қолланылыӯын, аралықтан басқарылатуғын үскенелер ҳаққында толық мағлыӯмат алмақта. Әмелият сабақларында кәрхананың тәжирийбели қәнигеси Реймов Мақсет кең түсиниклер берип келмекте.

 

Нигмат БЕКМАНОВ

География ҳәм тәбийий ресурслар факультети оқытыўшысы.

Пайдалы дереклер