НОВОСИБИРСК МӘМЛЕКЕТЛИК УНИВЕРСИТЕТИНИҢ МАГИСТРАНТЛАРЫ МЕНЕН УШЫРАСЫЎ

2021-жылы 16-апрель күни Zoom платформасы арқалы Новосибирск мәмлекетлик университетиниң магистрантлары А.Ҳәкимбаев, А.Қутбаев ҳәм М.Жетписбаевлар менен Математика факультетиниң зийрек студент жаслары ортасында ушырасыў болып өтти. Бул ушырасыўда Новосибирск мәмлекетлик университетиниң магистрантлары тәрепинен Новосибирск мәмлекетлик университети ҳәм Новосибирск қаласы ҳаққында мағлыўматлар берилди. Сондай-ақ, магистрантлар өзлериниң ҳәзирги күнде алып барып атырған илимий жумыслары ҳаққында да тоқтап өтти.

Қызықлы болып өткен ушырасыў барысында Математика факультетиниң зийрек студент жаслары өзлериниң қызықтырған сораўларына толық ҳәм мазмунлы жуўапларын алды.

Усындай мазмундағы ушырасыўлар студент жасларда сырт еллерде оқыўға ҳәм илимий жумыслар алып барыўға қызығыўшылық пайда етери анық.

 

 

Нуржанов Бердах

ҚМУ Математика факультети оқытыўшысы.

 

Пайдалы дереклер