СТУДЕНТЛЕР ҚАТНАСЫНДА АШЫҚ СУД МӘЖИЛИСИ ӨТКЕРИЛДИ

         Оқыў ҳәм илимий процесин жаңа әўлад ҳуқықтаныўшыларының әмелий сабақлары менен бирлестириў мақсетинде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде шөлкемлестирилген суд залында Қарақалпақстан Республикасы Шоманай районы Жынаят ислери бойынша суды Р.Назаров ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Әмиўдәрья районы Жынаят ислери бойынша суды С.Даулетмуратовлар тәрепинен ашық суд процесслери өткерилди. Суд процесинде Юридика факультети 107-топар студентлери қатнаты. Студентлер судьялар менен ашық сәўбетлесиўде болды. Көрилген ислер бойынша өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

 

Пайдалы дереклер