Мәкан пуқаралар жыйынларындағы жәмлеспеген жасларды жәмийетлик орталыққа тартыў, олардың мәнәўий ҳәм мәдений дүнья қарасын еле де арттырыўды мақсет етип алған университет оқытыўшылары жәмәәти ҳәр күни турақлы түрде орынларда болып, ушырасыў шѳлкемлестирип атыр.
Шет тиллери факультети тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтың 2021-жыл 13-апрелдеги “Мәмлекетимизде жаслар бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў ис-илажлары”на бағышланған видеоселектор мәжилисиндеги “Жоқары оқыў орынлары мәҳәлле жаслары ушын мәнаўий орай ҳәм мәденият ошағы” болыўы керек деген басламасын алға сүрген ҳалда үгит-нәсиятлаў илажы өткерилди.
Илажда «Ақ отаў» МПЖ баслығы Байниязова Зибира, Факультет деканы Дж.Қурбанбаев, факультет жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары Т.Кулниязов, факультет жаслар аўқамы жетекшиси И.Юсупбаевлар қатнасты. Илаж тийкарынан аймақтағы жәмлескен хәм жәмлеспеген жасларды жәмийетлик орталыққа еле де тартыў, олардың мәнәўий ҳәм мәдений дүнья қарасын еле де арттырыў ҳәм оларда Ўатан сүйиўшилик сезимлерин еле де оятыў мақсетинде өткерилди.

«Ақ отаў» МПЖ баслығы З.Байниязованың берген мағлыўматларына қарағанда, Мәкан пуқаралары жыйынында жыл басынан 17 шаңарақ темир дәптерге алынған болса, бүгинги күнде бул шаңарақлар дизими 4 шаңараққа кемейген. Бул болса мәҳәлледеги татыўлық, аўызбиршилик беккемленип атырғанынан дерек береди. Бүгинги күнде аймақта «Ҳаял-қызлар дәптерине» 41и дизимге алынған. Оларға ҳәр тәреплеме мүтәжликлерин тәмийнлеў бойынша да ис илажлар әмелге асырылып атырғанының гүўасы болдық. Сондай-ақ, Мәкан пуқаралар жыйынында 27 жас бәнтлиги тәмийнленген.
Биз бундай нәтийжелерди көрип, әлбетте, мәҳәлледе еле де гүллеп жаснаў, алдағы жақсы нәтийжелер болыўын күтип қаламыз!
Шет тиллери факультети студенти Нилуфар Абдуллаева.