«МЕН ТАҢЛАҒАН СПОРТ» ЖАРЫСЫНДА ҚМУ СЫЙЛЫ БИРИНШИ ОРЫН ЖЕҢИМПАЗЫ

             Республикамыздағы барлық жоқары оқыў орынларының қатнасында  «Мен таңлаған спорт» ураны астында спорт жарыслары болып ѳтти.

Мини футбол бойынша жоқары оқыў орынлары аппарат хызметкерлери арасында жарыс 2021-жыл, 22-апрель күни Нѳкис қаласы 1-санлы Балалар-ѳспиримлер спорт мектебинде (Манеж) ѳткерилди.

Бул жарыста Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Қарақалпақстан Республикасындағы  9  Жоқары оқыў орынлары арасында 1-орынды ийеледи.

«Мен таңлаған спорт» ураны астында спорт жарыслары Қарақалпақстан Республикасы Дене тәрбия ҳәм спорт министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги,  Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги,  Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги,  Нөкис қаласы ҳәкимлиги ҳәм республикамыздағы барлық жоқары оқыў орынларының қатнасында   болып ѳтпекте.

Ѳткериўдеги мақсет хызметкерлерди спорт жарысларына кең кѳлемде тартыў, республикамызда спорттың минни футбол, волейбол, бадминтон, стол тенниси түрлерин еледе раўажландырыў ҳәм кеңнен үгит-нәсиятлаў болып табылады.

Жарыста сыйлы орынларды ийелеген жеңимпазлар қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланып, жеңимпазларға Қарақалпақстан Республикасы Дене тәрбия ҳәм спорт министрлиги тәрепинен таярланған дәрежели дипломлары несип етти.

Мағлыўмат ушын: Жарыс жуўмағы бойынша 2021-жыл 23-апрель күни Нөкис қаласы орайлық “Амфитеатр”да жас, талантлы эстрада қосықшыларының қатнасыўында концерт бағдарламалары шөлкемлестириледи.

 

 

Пайдалы дереклер