«АРАЛ БОЙЫ РЕГИОНЫНДА АРХИТЕКТУРА ҲӘМ ҚАЛА ҚУРЫЛЫСЫНЫҢ ТУРАҚЛЫ РАЎАЖЛАНЫЎ МӘСЕЛЕЛЕРИ» атамасындағы Халықаралық конференция

Усы жылдың 22-апрель күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде  «Арал бойы регионында архитектура ҳәм қала қурылысының турақлы раўажланыў мәселелери» атамасындағы Халықаралық конференция аралық «on-line» режимде ZOOM формасындағы видео-байланыс платформасында болып ѳтти.

Халықаралық конференцияны Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры, профессор Ахмед Реймов «Архитектура ҳәм қурылыс тараўында инновациялық технологиялардың актуаллығы» атамасындағы баянаты менен баслап берди.

          Университет ректоры ѳзиниң баянатында бул тараўдағы әҳмийетли мәселелерге тоқтап ѳтип, атап кѳрсетилген актуал машқалаларға шешим табыў барысындағы пикир-усынысларын конференция қатнасыўшылары нәзерине усынды.

Архитектура ҳәм қурылыс тараўында бар болған машқалаларды шешиўде илимий-изертлеў жумысларын раўажландырыў ҳәм белгиленген ўазыйпаларға шешим табыў мақсетинде ѳткерилген бул конференцияға Москва мәмлекетлик қурылыс университети, Украина архитектура қурылыс академиясы, Швецияның «Up sala» университети, АҚШ тың «Oregon» университети, Ташкент архитектура-қурылыс институты, Самарқанд мәмлекетлик архитектура қурылыс институты, Ферғана политехника институты, Жиззақ политехника институты, Наманган инженерлик қурылыс институты қатнасты.

Ҳақыйқатында да бүгинги күнде мәмлекетимиздиң барлық қала ҳәм районларында кең көлемдеги қурылыс-тиклеў, жаратыўшылық жумысларының жеделлик пенен алып барылып атырғанлығы, қурылыс тармағы ҳәм көлеми өткен үш жылға қарағанда 2021- жылда 1,9 есеге көбейгени усы тараўдың раўажланып атырғанлығынан дерек береди.

Мәмлекетимизде қурылыс материаллары санаатында искерлик жүритип  атырған ислеп шығарыў кәрханалары ҳәм мәкемелериниң қуўатлылығын асырыў ҳәм инновациялық технологияларды әмелге енгизиў процессинде жоқары билимлендириў орынларында тәжирийбели кадрларды таярлаў (архитектор, инженер, технологлар ҳәм тағы басқалар) мүтәжлигиниң өсип барыўы, шет елдеги қәнигелестирилген компаниялардың жетекши қәнигелерин тәлим процессине қаратыў актуал мәселе болып бармақта, деген пикир-усыныслар атап ѳтилди конференция барысында.

Архитектура ҳәм қурылыс тараўында бар болған машқалаларды шешиўде илимий-изертлеў жумысларын раўажландырыў ҳәм белгиленген ўазыйпаларға шешим табыў мақсетинде ѳткерилген Халықаралық конференцияның әҳмийетин жоқары баҳалап ѳтти конференция қатнасыўшылары.

ҚМУ Баспасѳз хызмети.

 

 

Пайдалы дереклер