22-апрель Халықаралық жер күни есапланады. Усы сәне мүнәсибети менен кѳплеген мағлыўматларды алыўға мүнәсип болдық. Бул болса жердиң еле де ашылмай атырған сырлары, илимде изертлениўи керек болған тәреплериниң баршылық екенлигин кѳрсетип береди. Келешек жаслар ушын илимий изленислерге оъбект бола алатуғын жер ҳаққында еле кѳп илимий изленислер алып барылады деп ойлайман.
Халықаралық жер күни тек ғана бизиң республикамызда ғана емес, пүткил дүнья көлеминде нышанланады. Бул сәне БМШ Бас ассамблеясының 63- сессиясында 2009-жылы 22-апрель күни тастыйықланған ҳәмде 2010-жылдан баслап нышанлана баслаған.Жер бизиң улыўма үйимиз есапланады.
1992-жыл әтирап орталықты қорғаў ҳаққында Рио-де -Жанейрода өткерилген БМШ конференциясында резольюция ҳуқықлары белгилеп берилген. Соны да айтып өтиў орынлы ҳәзирги күнде келешек әўладты сиясий, социаллық ҳәм экологиялық талапларын қанатландырыў тәбият пенен жер ортасында теңликти сақлаў керек. 22-апрелде жер күнин кең түрде нышанлаў 1970-жыл АҚШ та пайда болды. 1990-жылда болса, бул күн халықаралық акция күнине айланды. Россияда бул байрам 1990-жылдан бери нышанланады.
Усы жылы БМШ тәрепинен жер күни деп тастыйықланғанына 11 жыл болды.
Султамуратов Төремурат
География ҳәм тәбийий ресурслар факультети
2-курс студенти.