Ағла пазыйлетли инсан мудамы халқымыз ардағында

Қайнаған өмирдиң ҳǝр қыйлы тараўларында түрли өзгерислер, түрли жаңаланыўлар жүз берип, раўажланыўлар болмақта. Усы күнимиздиң өзи бир тарийх. Тарийх бетлерине мөрленген барлық процесслер ҳǝм ҳақыйқатларды үйрениў, оны келешек әўладқа жеткериў аңсат ис емес. Усындай машақатлы ҳǝм мақтанышлы ислерди үйрениўге бел байлаған бир топар инсанлар бар. Биз оларды – шежирешилер ямаса тарийхшылар деп атаймыз. Олар өткен өмирди қайта жанландырып, ўақыялар арасына кирип, оқыўшыны да өтмиш бағына жетелеп алып киреди. Өз тарийхын, өтмишин, шежиресин билмеген халық халық емес. Солай етип, биз тарийхшыларымыз арқасында өтмиштен хабардар боламыз.

Азизиддин Насафий «Кǝмил инсан» атлы мийнетинде былай жазады: кǝмил инсан төмендеги төрт нǝрсеге жетик түрде ийе болған инсандур. Олардың бириншиси – жақсы сөз, екиншиси – жақсы ислер, үшиншиси – жақсы минез-қулық, төртиншиси – илим. Мине, усы пазыйлетлердиң барлығын өз бойына жǝмлеген инсанлардың бири – тарийх илимлери кандидаты, доцент, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген жаслар устазы Қурбанбай Қалимбетов. Ол 1956-жылы Шымбай педагогикалық училищесин питкерип шыққаннан кейин сол районда жайласқан «Таза қуралпа» мектебинде муғаллим болып иследи. 1958-1961-жыллары армия қатарында хызмет етти. 1961-1966-жыллары ТашМУниң «Тарийх» факультетинде оқыды. Оны 1966-жылы жоқары баҳалар менен питкерип, жоллама менен дәслеп Қарақалпақ мәмлекетлик пединститутында, 1976-жылдан баслап Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде  устазлық етип келген.

1977-жылы ТашМУниң арнаўлы Илимий Кеңесинде кандидатлық диссертациясын қорғап шығып, «Тарийх илимлериниң кандидаты» илимий дәрежесин алыўға еристи. Бир неше жыллар «Сиясий тарийх» кафедрасының баслығы лаўазымында иследи.

 Aдамның ардақлы адам болмағы, сөйлеген сөзинен, жүрген жолынан белгили дегениндей, ол устазлық еткен дәўирде тарийх илимине салмақлы үлес қосқан бир қатар шǝкиртлерди таярлады. Атап айтатуғын болсақ, Б.Қощанов, Р.Уразбаева, М.Қдырниязов, Ж.Ҳәкимниязов, С.Сулайманов ҳәм басқаларды атап өтсе болады. Оның оқытқан лекция ҳәм әмелий сабақлары теориялық жақтан тереңлиги ҳәм методикалық шеберлиги менен ажыралып, студентлерди өзине тартады.

Оның үлгили мийнетин университет ректораты бир неше мәрте алғыс ҳәм ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықлады.

«Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан тарийхы» кафедрасының доценти  сыпатында бакалавриат ҳәм магистратура бағдары студентлерине жоқары дәрежедеги  илимий-теориялық лекциялар ҳәм әмелий сабақларын алып барды ҳәм 2014- жылы Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген Жаслар Устазы атағын алды.

Ғәрезсизлик жылларында 80 нен аслам студентке аўыл хожалығының тарийхы бойынша питкериў қәнигелик жумысларына илимий жақтан басшылық етип келмекте. Доцент Қ.Қалимбетов өзиниң 57 жыллық мийнет жолының 47 жылын илимий педагогикалық исине сарыплап, студент жасларға Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан тарийхы пәнинен сабақ берип келеди.

Буннан басқа ол жәмийетлик жумысларға да белсене қатнасып, студентлер ҳәм Республика мийнеткешлери арасында миллий идеология ҳәм ғәрезсизлик темалары бойынша турақлы түрде лекциялар ҳәм гүрриңлер өткерип турады. Пүткил  педагогикалық хызмети даўамында доцент Қ.Қалимбетов өзиниң жоқары талапшаңлығы ҳәм кишипейиллиги менен жасларға үлги болып келди. Республикамыздың илимий-педагогикалық жәмәәти арасында үлкен абыройға ийе алымлардан бири.

«Устазлық еткен жалықпас» дейди дана халқымыз. Ҳармай-талмай студент жасларға тыянақлы билим берген устазымыз Қурбанбай аға тарийх илимин раўажландырыўға ɵз үлесин қосды.

 Бул шадлы заманда, әзийз устазым,

Жүз дәўран сүрсең де, сүрмедим дерсең -, деп шайыр жырлағанындай, бүгинги күнде журтбасшымыз қоллап-қуўатлаўы менен илим тараўы адамларына бир қанша имканиятлар есиги кең ашылды.

 

«Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан тарийхы» кафедрасы,

 тарийх илимлериниӊ кандидаты, доц. М.Сейтимбетов.

 

 

Пайдалы дереклер