Устазымның илим ҳәм өмир жолындағы пидайылығы жасларға үлги

«Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен жаслар устазы», тарийх илимлериниң докторы Раўшан Уразбаева ѳзиниң өшпес мийнет жолында пидайылықтың үлгисин кѳрсеткен устаз екенлигин мақтаныш пенен айта аламыз.

Раўшан Уразбаеваны дәслепки сабақ бериў барысында илимге деген пидайылығы менен бирге тәлим ҳәм тәрбияны қоса алып баратуғын тәжирийбели устаз  сыпатында таныдым. Дәслепки сәўбет ўақтында өзиниң илим жолындағы машақатлы ҳәм мақтанышлы кәсиби менен студент жасларға Қарақалпақ мәмлекетлик университетине деген мақтаныш сезимин оята алды. Устазымның мийнет жолына нәзер аўдарсақ, илим жолында талай басқышларды басып ѳткенлигин кѳриўимизге болады.

Ол 1975—1980- жылларда Нөкис мәмлекетлик университетинде оқып алған. Соң усы үлкен илим дәргайда ѳзиниң илимий-педагогикалық хызметин баслаған. 1981-1984-жылларда Ташкент мәмлекетлик университетиниң «Тарийх» факультети, «Ўатан тарийхы» кафедрасында аспирантурада оқыды. 1984-жыл Ташкент мәмлекетлик университетиниң қәнигелестирилген илимий кеңесинде «Қарақалпақстанда жоқары ҳәм орта арнаӯлы тәлимниң раӯажланыӯы” темасында тарийх илимлери кандидаты дәрежесин қорғап шыққан.

Мен ҳәр қашан оның ѳзи менен илимий жумыслар үстинде сәўбетлескенимизде, ҳаял-қызлар ушын илимий жумыс ислеўдеги машақатларын көзлеринде қалқыған жас пенен еслеп еди.  Илимий темасын ислеп жүрген ўақтындағы шаңарақ машқаласы, қала берсе биринши аналық болыў дәўириндеги илим менен шаңарақты теңдей меңгере алыўы ҳақыйқый илимпаз ҳаялдың келбетин кѳз алдыңа келтиреди. Шаңарақ пенен илимди теңдей алып барыўы үлкен мәртлик еди ҳәм ол усы мақсетине жеткен бахытлы ана болды. 

1999- жыл «Аналар жылы» мүнәсибети менен Университет ҳәм факультет ишинде алып барған илимий-педагогикалық ҳәм жаслар арасында алып барған жумысларын баҳалап Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң “Мақтаӯ жарлығы”, 2001-жыл ҚМУдың 25 жыллық юбилейи мүнәсибети менен «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген жаслар устазы» атағын алыӯға миясар болды.

Устазым Уразбаева Раўшан 07.00.01 – “Өзбекстан тарийхы” қәнигелиги бойынша жазылған «История образования в Каракалпакстане (последняя четверть XIX – начало XXI вв.)» темасындағы докторлық  диссертация жумысын  2012 -жылы табыслы қорғап шықты.

 

Пүткил өмирин илимге ҳәм жаслар тәрбиясына бағышлаған устазымыз тек ғана тарийхшылар устазы емес, пүткил республикамыз жасларының устазы десек алжаспаймыз. Себеби, Раўшан апа Уразбаеваның республикамыз Жоқары оқыў орынларында, соның менен бирге ҳәр бир қала ҳәм аўылларда шәкиртлери бар болып, олар да бүгин устазы сыяқлы шәкиртлер таярлаўда аянбай хызмет етпекте.

Устазымыз жумыс орны ушын пидайы хызметкер болған болса, шәкиртлериниң келешегин өзиниң өмиринен үстин қойған кеўли дәрья устаз ҳәм ана еди. Бирге ислескен кәсиплеслери ҳәм шәкиртлери оның бул пидайылығын жақсы биледи.

Илим ғайраткери, пидайы устазым Раӯшан Уразбаеваның жарқын келбети бизлердиң ядымызда бәрқулла сақланып қалады.

 

Тарийх факультети

жаслар менен ислесиў бойынша

декан орынбасары, шәкирти           И.Елмуратов.

 

 

Пайдалы дереклер