Инсан еслеў менен тири, қәдир-қымбаты менен уллы. Ѳткенлерди, әсиресе, олардың қайырлы ислерин, мәртликлерин ядқа алыў, халқы ушын ислеген мийнетлерин қәстерлеў халқымызға тән болған жоқары пазыйлетлерден саналады. Усындай уллы сәнеде ѳз ўатаны, халқы ушын пидайы болған инсанларды еслеў, олардың руўхына ҳүрмет кѳрсетиў бүгинги күнги әўлад ушын парыз ҳәм қарыз болып табылады. Оларды еслеў ҳәр биримиздиң кеўлимизге миллий мақтаныш сезимин бағышлайды. Саҳыпқыран Амир Темур да ѳз сѳзин «Биз ким… …» деп ѳз ўатанын, халқын, ата-бабаларымыз аты менен мақтаныш руўхында баслағанлығы дереклерде келтирилген. Миллий мақтаныш сезими ҳаққында сѳз барар екен, усы орында қарақалпақ халқының илим-пән тараўы раўажы ушын үлес қосқан, сондай-ақ, басқарыў ислеринде белсендилик кѳрсеткен ибратлы инсан, меҳрийбан устаз, Қарақалпақстан тарийхы илиминиң жанкүйери, профессор Қ.Сарыбаевты атап ѳтсек орынлы.
Оның илим дүньясында абырайға ерисиўинде илимде, билимлендириў тараўларында алып барған жумыслары, сондай-ақ, басшы ретинде ерискен табысларына тынымсыз мийнетлери арқалы ерискенлигин басып өткен өмир жолы ҳаққында еске түсирсек толық мағлыўматқа ийе боламыз.
Қ.Сарыбаев 1932-жылы 11-январда Қараөзек районының ҳәзирги «Қаршығалы» ширкет хожалығында дүньяға келди. Мектепти жақсы баҳаларға питкерген Қ.Сарыбаев Шымбай қаласына келип оқыўын даўам еттирди. Ол 1949-жылы Шымбай педагогикалық училищесин питкергеннен кейин, өз мийнет жолын 1950-жылы Қараөзек районы Бердақ атындағы мектепте оқытыўшы болыўдан баслайды. Оның еледе билимге ҳәм илим алыўға болған қызығыўшылығы оқыўды даўам еттириўге талпындырар еди. Усындай талпыныслар нәтийжесинде, ол 1954-жылы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының тарийх факультетин питкерип, 1966-жылға шекем дәслеп республикалық муғаллимлердиң билимин жетилистириў ҳәм қайта таярлаў институтында директор, және басқада жуўапкерли лаўазымларда иследи.
Қ.Сарыбаев 1966-жылдан баслап тарийх илимлериниң кандидаты, 1968-жылдан баслап доцент, 1986-жылдан ѳмириниң ақырына шекем профессор сыпатында жүзден аслам илимий мийнет ҳәм сабақлықлар жаратты. Соның ишинде 8 монография, 5 сабақлық ҳәм методикалық қолланбалар бар.
Профессор Қ.Сарыбаев илимий дөретиўшилигинде әййемги дәўирлерден бизиң күнимизге шекемги Қарақалпақстанда ирригация тарийхын тереңнен үйрениў менен Қарақалпақстан аграр тарийхы тарийхтаныўына өмириниң көпшилик бөлегин арнап салмақлы үлес қосты. Алымның «Қарақалпақстанда суўғарыў тарийхы очерклери» (Нөкис: Қарақалпақстан, 1976) монографиясында 1918-жыл 25-апрельдеги Әмиўдәрья бөлими атқарыў комитетиниң «Жерди социализациялаў ҳаққында»ғы қарары, жер-суў комитетлери жумыслары, «қазыў» миннетлери ҳәм басқа да материаллар биринши рет илимий айланысқа киргизилди.
Устаздың бул уллы ислери менен қанша мақтаныш етсек арзыйды. Оның басып ѳткен уллы жолы, мәнәўий мийрасымызға қосқан үлкен үлеси бүгинниң жаслары ушын ибратлы мектеп ўазыйпасын атқарады. Ѳз ўатаны, халқы алдындағы пидайы мийнетлери арқасында қарақалпақ перзенти Қ.Сарыбаев халқымыздың санасында мәңги сақланады.
«Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан тарийхы» кафедрасы,
тарийх илимлериниӊ кандидаты, доц. Қ.Тангирбергенова