Ел хызметинде ҳүрметке ерискен илимпаз Қаҳарман

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанда археология ҳәм тарийх илимлериниң   қәлиплесиўи ҳәм раўажланыў басқышларында салмақлы үлес қосқан, Өзбекстан археология  илимин  жәҳән археологиясы  көлемине танытқан, Қарақалпақстанның материаллық мәденияты, бийбаҳа археологиялық объектлерин елиў жылға шамалас ўақыт даўамында турақлы изертлеген,  миллий  мәдениятымыздың   пидайысы –  Өзбекстан Қаҳарманы, Қарақалпақстанға мийнети сиңген илим ғайраткери, профессор, археолог – алым Ғайратдин Хожаниязовтын өмир жолы, илимий изертлеўлердеги мәртлик ҳәм мәнаўий хызметлери келешек жасларға үлги ҳәм мақтаныш.

    Ол 1948-жылы Караөзек районында  туўылады. Өзи қатарлы жаслар менен орта  мектепти  питкерип, 1966-1972-жыллары Қарақалпақ мәмлекетлик педагогика институтының   тарийх-филология   факультетин  зийрек   студент  қатарында  питкереди. Студентлик  жылларда В.Н.Ягодин басшылығында Тахтакөпир районы аймағында жайласқан Қорғанша қалада (жергиликли халық оны Қобланның қаласы депте атайды) казыў жумыслары барысында, бойы 30 см келетуғын кердерлилердиң «Таңир» («УМАЙ» Ана) Кудайының ҳәйкелин таўып алған. Бул табылма Ғайратдин ағаның археололгия илимине қызығыўшылығына себепши болған болыўы мүмкин. Ол өткен әсирдиң 80 – жылларынан баслап жергиликли археологлардан бириншилерден болып  Қубла – Қарақалпақстан, Арқа – Қарақалпақстан, Жампыққала, Миздахкан ҳәм Үлкемиз аймағындағы басқада археологиялық обьектлерде изертлеўлерди алып барыўды шөлкемлестиреди ҳәм тиккелей өзи басшылық етеди.

Ғ.Хожаниязовтың илимий – изертлеў жумысының негизи  бул  Әййемги ҳәм Антик дәўир Хорезм   мәденияты  ҳәм   цивилизация  излери,  сол дәўир қалалары,  олардың фортификациясы есапланды.

Қубла  аймақтағы   «Қызыл  қум»   астындағы бир неше  қорған-қалаларды  аралап, излеп таўып  илимий   жәмийетшиликке   мәлим  етти.   Үлкемиздеги   Антик  дәўир   естеликлери:  «Үлкен  Айбуйир  қала»,  «Топырак  қала», «Аяз  қала 1-2-3»,  «Үлкен Қырыққыз кала», «Киши Қырықкыз кала», «Ақшүнгил»,  «Қызыл  қала»,  «Қыят  қала»,  «Жампық  қала»,  «Қорғашын  қала»,  «Дәўкескен қала ҳәм қашысы», « Қой  қырылған  қала»,  «Қыран таў археологиялық комплекси»,  «Кетменши  қала», «Шорша қала», «Шылпық», ҳәм  басқада   бийбаҳа  археологиялық   объектлерди  қайта  изертлеўлер  нәтийжесинде   жаңалықлар,  илимий    анықламаларды   баспа  сөзде жәриялап,  республикалық  ҳәм  жәҳән   көлеминде   болып өткен илимий конференцияларда илимий мийнетлери менен қатнасты.

Әлбетте, әскерий  фортификация,  әскерий   қурылыс,  бекинислер   туўралы    археологиялық фактлери  жәҳән   археология  илиминде,  шет  елли   қәнигелердиң  дыққатын тартып,  қызығыўшылығын пайда  етти.  Оның бул  жумысы  «The military architecture of ancient Chorasmia  (6th century B.C.-4th century A.D.) англичан  тилинде,  Париж  қаласында   үлкен  монография  болып басылып  шықты.  Бул  мийнет  «Қәдимги  Хорезм   мудофаа  иншоотлари» (мил.авв. VI асрдан-мил IV   асрларгача)  Хорезм  Мамун  Академиясы  тәрепинен  (Ташкент, 2007жыл)  өзбек  тилинде  китап  болып  шықты.  Бул монографиясында жоқарыдағы келтирилген мағлыўматлар менен биргеликте Әййемги Хорезм мәмлекетшилигиниң дәслепки ҳәм оның раўажланыў басқышлары мәселесине тоқталып өтиледи. Соның менен бирге Әййемги Хорезм мәмлекети пайтахт қаласы мәселесиде алымлар арасында түрли пикирлердиң болыўына себепши машқалалардан еди. Сонлықтан бул мәселеге өз пикирлерин билдирип, Ақшахан дәслепки пайтахт қалалардан екенлигин атап өтеди.

 

             Соңғы жигирма жылға шамалас ўақыттан берли Үлкемизде «Қарақалпақстан – Австралия» (1995 – жылдан баслап) халық – аралық археологиялық экспедицияның дала изертлеӯлеринде, сондай-ақ лабораториялық жумысларында Австралия алымларынан басқа Франция, АҚШтың Калифорния университети ўәкиллери қатнаспақта. Бунда шет елли археолог илимпазлар А.Бетс, С.У.Хелмс, Ф.Ж.Кидд ҳәм басқалар менен тығыз изертлеўлер алып барды. Ақшахан қаладан монументал имарат орны – сыйыныў сарайы (ибодатхана – храм) табылған. Ғ.Хожаниязов илимий бақлаўлары нәтийжесинде Ақшахан қала отырықшылары Хорезмдеги зороастризм дининде  болған,  от – храм  қурған,  отқа  сыйынған  деп  жазды.

 

 

 

 

 

                 Орта Азияның көркем – өнери, жиповись тарийхында сийрек ушырасатуғын археологиялық табылмалардың бири – Ақшахан қаладан табылыўы, бул үлкен илимий жаңалық болды. Галереядағы портретлер ак,   қызыл, қара, көк реңлер менен шырайлы етип берилген.

2018 – жылдан баслап АҚШтың  Пердью, Бостон ҳәм Калифорния университетлери археологлары менен биргеликте Қыят оазисинде агроархеологиялық бағдарда изертлеўлер жүргизиў кереклигин айтыўымыз керек.  Анығырақ айтқанда жоқарыда келтирилген қала қурылысы тарийхы, архитектурасы менен бирге, сол дәўирлердеги қала турғынларының азықлық ушын пайдаланған дийханшылық өнимлериниң түрлерин үйрениў болып есапланады.

Ол үлкемиздеги естеликлерди қорғаў, үгит-нәсиятлаў ислеринде айтарлықтай жумыслар иследи. Қубла Арал бойының этно –  бойынша  изертлеўлерге дәслепки болып илимий дыққат бөледи. Әсиресе, Жийен Жыраў, Өтеш шайыр, Бердақ, Әжинияз, Мурат –Шайых, Ережеп тентек ҳәм басқада көплеген тарийхый тулғалардың қәбирин анықлап, белги тасларын орнатыўда белсендилик етти. Сол жыллары Қаракалпақстан аймағындағы жайласқан сыйыныў муқаддес орынларды анықлаў, системаластырыў жумыслары менен де шуғылланды.

    Қарақалпақстан тарийх илиминде актуаль мәселелердиң бири – соңғы орта  әсирдеги Арал әтирапында Қарақалпақлардың пайда болыўы, қонысласыўы,  мәкан жайлары, этникалық географиясы ҳәм материаллық мәденияты н  этно – археологиялық аспектте үйрениў болып табылады.

                   Археолог Ғ. Хожаниязов  тәрепинен Қубла Арал бойы дельтасында пайда болған «Араллылар» ийелиги, «Арал – Қонырат» ийелиги (ханлығы) бойынша тарийхый дереклер  менен этно – археологиялық мағлыўматларды «илимий симбиоз» етип,  байланыстырып, жаңа пикирлер  берди.

Алымның илим жолындағы алып барған излениўлериниң нәтийжеси Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан илиминиң раўажланыўына, оны дүньяға танытыўында пидайы мийнетлери ҳүкиметимиз тәрепинен жоқары баҳаланып 2001 – жылы «Өзбекстан Ғәрезсизлигиниң 10 жыллығы» естелик нышаны, 2003-жылы «Меҳнат шухраты» ордени, ал, 2008-жылы оған «Өзбекстан қаҳарманы» уллы атағы берилди.

 Сондай- ақ  2018- жылы «Беруний әўладлары» жәмийетлик фондының  «Беруний әўладлары» көкирек нышаны менен, 2019- жылы Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен илим ғайраткери, 2020- жылы Өзбекстан Республикасы Жоқарғы аттестация комиссиясы тәрепинен профессор атақлары бериледи.

2014- жылғы болып өткен сайлаўда Қарақалпакстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты болып сайланады ҳәм Өзбекстан Республикасы Сенат ағзасы қатарынан орын алады.

Ғәрезсизлик жылларында жаңадан ашылып атырған археологиялық естеликлер туризм әсири аталған XXI әсирге хызмет етиӯи арқалы елимиз халық хожалығы тараўларының социал-экономикалық жақтан раўажланыўына күшли тәсир жасайды деп қарасақ, республикамызда археологиялық естеликлер туризминиң раўажланыўы ушын да археолог алым пидайы мийнет етип, үлкен үлес қосты.

Илимпаз үлкемиз бойлап Ана-жеримиз баўырында жасырынып жатырған бийбаҳа мийрасларымызды кең жәмийетшиликке, келешек әўладқа қәстерлеп жеткизип бериўдей саўаплы ислерди алып барды.

 Ҳақыйқатында археолог болып жетилисиў жүдә машақатлы мийнетти ҳәм билимди талап етеди. Устаздың еледе ислейтуғын илимий тараўдағы ҳәм де шәкиртлерине үйрететуғын жумыслары жүдә көп еди.

Өзбекстан Қаҳарманы Ғайратдин Хожаниязовтың адамгершилиги, пидайылығы, илимий дөретиўшилик мийнети ҳәм педагогикалық хызметлери өсип киятырған жас әўладқа ҳақыйқый үлги мектеби болып хызмет етеди.

 

          Ҳакимниязов Жолмурза

 ҚМУ  “Археология”

кафедрасы баслығы. Доцент.

 

Пайдалы дереклер