БУЛ ҚАЙЫРЛЫ ИСТИҢ МАҚСЕТИ ЖАСЛАР САЛАМАТЛЫҒЫ УШЫН

 

             Өспирим поликлиникасы шыпакерлери қаны азлық кеселлиги анықланған студентлерге бийпул дәри тарқатып баслады. Шыпакерлердиң пидайылығына студентлер рахмет айтпақта.

– Бул дәри Темир фумарити ва фолий кислотаси, деп аталады дейди ѳспирим поликлиникасы терапевти  Муса Абдикеримов, биз бенен болған сәўбетте.

ҚМУ медпункти бас мийрибийкеси  Рахова Фатима басшылығындағы шыпакерлер Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети студентлерине дәри тарқатыўды баслады. Бул илаж барлық факультетлерде даўам етеди, -дейди Ф .Рахова, -республикалық кѳлемдеги бул қайырлы истиң мақсети инсан саламатлығы. Жаслар саламатлығы- келешегемиз саламатлығы.

Республикалық ѳспирим поликлиникасынан мийрибийкелер – Умида Данебаева ҳәм Гүлсара Разметовалар ийгиликли истиң қоллаўшылары есапланады. Саламатлық акциясы даўам етеди. Шыпакерлер дәрини қалай пайдаланыў керекли бойынша, оның пайдасы, тәсири ҳаққында тынбай мәсләҳәтлер бермекте.

З. Қожықбаева.

Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети.

 

Пайдалы дереклер