ОТЫЗ ҮШ ЖЫЛДАН СОҢҒЫ ДИЙДАР

Усы жылдың 1-май күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети химия-технология факультети «Органикалық ҳәм органикалық емес химия» бөлимин буннан отыз үш жыл алдын питкерген жаслардың ушырасыўы болып өтти. Университет дәргайына жыйналыўының баслы себеби, курслас досты, биология илимлериниң докторы Мапруза Алланиязованы илим докторы дәрежесине ерискени менен қутлықлаў ҳәм оқыӯ орнын питкерип кеткенине отыз үш жыл толыў мүнәсибети. Питкериӯшилер ең дәслеп оларға билим берген устазы, химия илимлериниң кандидаты Базарбай Тәңирбергенов пенен сәўбетлести. Сондай-ақ, факультет студентлери ушын жаратылған мүмкиншиликлер менен жақыннан танысты.

 

«- Мине, бүгин сол изде қалған студентлик дәўиримизди ерксиз еске салды. Студент пайытларымызда илим докторларынан, профессор-оқытыўшылардың лекция сабақларында отырып, олардан билим алғанымыз биз ушын үлкен қуўаныш еди. Мине, арадан қанша жыллар өтип достымыз Мапруза Алланиязованың дәслеп химия илимлериниң кандидаты, соңынан биология илимлериниң докторы илимий дәрежесине ерисиўи ҳәммемизди қуўандырды. Бүгинги ушырасыўды шөлкемлестириўдиң себеби де оны усы жетискенлиги менен қутлықлаў ҳәм устазларымыз бенен ушырасып, сәўбетлес еди. Бизлер менен бирге оқыған басқа да курслас досларымыз Замира Меңлимуратова, Бекнияз Хожаниязов, Бекберген Алламбергеновалар да жоқары оқыў орынларының оқытыўшылары. Басқалары болса Республикамыздағы басқа тараўларда жемисли мийнет етип келмекте», – дейди Тахтакөпир районлық халық билимлендириӯ бөлиминиң тәбийий пәнлер бойынша методисти Өмирбек Турданов.

Ушырасыў соңында жыйналғанлар ушырасыўды шөлкемлестириўшилерге миннетдаршылық билдирди.

 Айгүл ЖИЙЕНБАЕВА,

ҚМУ студенти.

 

Пайдалы дереклер