Мәҳәллелерде миллий идеяны үгит-нәсиятлаў жумыслары алып барылмақта

 

Юридика факультети ҳәм Нөкис қаласы “Дослық” МПЖның бирлеспеген жаслары арасында жаслар менен руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық жумысларын алып барыў бойынша өткерилген үгит-нәсиятлаў ушырасыўы болып өтти.

Мәҳәллелерде миллий идеяны үгит-нәсиятлаў ҳәм жасларды жат идеялар тәсиринен қорғаў, оларды миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға садықлық руўхында тәрбиялаў илажлары, жаслардың ҳуқықый мәдениятын асырыў, олар тәрепинен ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятлар жүз бериўиниң алдын алыў, жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, оларды кәсипке бағдарлаў, дөретиўшилик ҳәм интеллектуаллық потенциалын жүзеге шығарыў, жасларды дене тәрбия ҳәм спортқа кеңнен бириктириў, олар арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў бойынша Юридика факультети ҳәм  Нөкис қаласы “Дослық” МПЖ тәрепинен бирлеспеген жаслар арасында жаслар менен руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық жумысларын алып барыў бойынша өткерилген үгит-нәсиятлаў ушырасыўы болып өтти.

Ушырасыўда «Дослық» МПЖ баслығы Ө.Адилов, Юридика факультети жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары Ю.Абдреймов, “Дослық” МПЖ профилактика инспекторы Б.Нуржанов, университет психологлери Г.Реймбаева ҳәм С.Шомуродов, «Жынайый ҳуқықый ҳәм пуқаралық ҳуқықый пәнлер» кафедрасы ассистенти Қ.Ильясов, Қарақалпақ мәмлекетлик университети магистранты, «RF ROMAN» адвокатлық бюросы адвокаты Ф.Романов, “Дослық” МПЖның бәнтликке жәрдемши инспекторы С.Реймбаева, факультет жаслар аўқамы басланғыш шөлкеми жетекшиси Б.Юлдашев, факультет топар жетекшилери М.Жуматов, А.Ауезбеков, О.Рохманов ҳәм «Дослық» МПЖда жасаўшы жаслар қатнасты.

Ю.Абдреймов,

Юридика факультети жаслар менен ислесиў

бойынша декан орынбасары.

Пайдалы дереклер