УСТАЗДЫ ЕСЛЕП…

                                            

  Қыйыншылықлар оны ҳақыйқый инсан етип тәрбиялап,  ол кең пейил инсан ҳәм үлгили устаз ретинде мәмлекетимизге инглис тилинен кадрлар таярлаўда  өзиниң үлкен үлесин қосқан пидайы устаз еди.

Факультетлер аралық шет тилллери кафедрасын бир неше жыл басқарған, пидайы устазларымыздан болған Орынбай аға Төребаев 1946 жылы 30-июньде  Хожели районында туўылды. 1963 жылы Шоманай районындағы Менделеев атындағы орта мектепти тамамлап, сол жылы А. Наўайы атындағы Самарқанд мәмлекетлик  университетиниң шет тиллери факультетиниң инглис тили бөлимине оқыўға киреди.

1968-жылы оқыўды табыслы тамамлап, өзиниң мийнет жолын Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында инглис тили кафедрасында оқытыўшы болып  ислеўден баслады.

1970-1972 жыллары  Ташкент мәмлекетлик шет тиллери институтының 2 жыллық  Жоқарғы педагогикалық курсын питкерди. Ол тийкарынан инглис тили грамматикасына қызығыўшылығы себепли доцент О.Г.Овчениковаға шәкирт түсип «Инглис тили гәп структурасында  рәўиштиң функционал семантикасы» темасында илимий изертлеў жумысын алып барды. Бирақ, Орынбай Төребаевтың   илимге болған талпыныўы ҳәм ҳәрекетшеңлиги себепли бекитилген илимий мәсләҳәтшисиниң берген үгитлери оны қанаатландырмады. Сонлықтан, ол тағы өзи ислеген жеринде өзиниң педагогикалық искерлигин еки жыл даўам еттирип, 1973-1975-жыллары Москва қаласында Ломоносов атындағы Москва мәмлекетлик университетине аспирантураға оқыўға киреди.  Өкинишлиси,  аспирантураға оқыўға киргенде  ол қәлеген темалар  бойынша емес, ал инглис тилиниң ең салмақлы әййемги инглис тили лексикологиясы  үстинде  илимий-изертлеў жумысын алып барыўға туўра келеди. Бул ўақыяны еслеўден мақсет сол пайытлары Өзбекстанның қандайда бир жоқары оқыў орынларында шет тиллерден жетик алым, илимий басшы болатуғын кадрлардың жетиспеўшилигинен дерек  болып табылады.

Ол усындай бир пайытта өзиниң илим жолындағы пидайылығы менен көп нәрселерге ерисе алды.

1991-1995-жыллар Инглис тили кафедрасында үлкен оқытыўшы болып ислеў менен бирге  шет тиллери факультетиниң оқыў ислери бойынша декан орынбасары лаўазымында да жумыс алып барды. 1995-2005-жыллар аралығында факультетлер аралық шет тиллери кафедрасы баслығы лаўазымында иследи. Устаз қайсы лаўазымда ислемесин елимиз билимлендириў системасын жетик қәнигелер менен тәмийнлеўге белгили дәрежеде үлес қосты.

Ҳақ кеўил, мәдениятлы, жоқары адамгершиликли инсан, әдиўли  ҳәм пидайы устаз Орынбай аға Төребаевтың жарқын естелиги биз шәкиртлердиң ядында мәңги сақланып қалады.

                                                    Д. Кубейсинова

Факультетлер аралық шет тиллер кафедрасы доценти

 

Пайдалы дереклер