ЕЛ УШЫН МӘРТЛИК ҮЛГИСИН КӨРСЕТКЕН АТАЛАРЫМЫЗҒА  ҲҮРМЕТ

Усы жылдың 7-май күни Архитектура факультети профессор-оқытыўшылары 9-май «Еслеў ҳǝм қǝдирлеў» күни мүнәсибети менен Екинши жǝҳǝн урысы қатнасыўшысы, нураный Қǝдирбай ата Нармановтың шаңарағына барып, ҳал-жағдайынан хабар алынды.

Атамыз бизлерди жыллы жүз бенен күтип алды ҳәм пайызлы сәӯбетин даӯам етти.

Нарманов Қǝдирбай ата  Әмиўдәрья районында туӯылып өскенин, 1943-жылы урысқа шакырылып, дәслеп Хийӯа қаласында, соң Бухара қалаларында «мотстрелковый артелерический» полкында таярлықлардан өтип, Ӯатанды қорғаўға атланғанлығын ҳǝм бир қатар медаль, орден менен сыйлықланғанлығын айтып өтти.

Қǝдирбай ата Нарманов елимиздеги бундай ҳүрмет-иззеттен шын кеӯилден миннетдар болып, хабар алғанлары ушын рахмет айтып, өзиниң пǝтиясын берди.

 

 

 

Пайдалы дереклер