Инсан өмири оның неше жыл жасағаны менен емес, жасап өткен жыллары даўамында ислеген мийнетлери, адамгершилик пазыйлетлери менен өлшенеди.
«Жақсының жақсысын айт нуры тассын» дегениндей кәсиплесимиз Нуранов Махмуд Зарипбаевичти еске алсақ, ең дәслеп оның жоқары адамгершилик пазыйлети көз алдымызда сәӯлеленеди. Ол
1973-жылы 13-мартта Қараөзек районында туўылған. 1990-жылы районындағы М.Ломоносов атындағы мектепти табыслы тамамлап, усы жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң тарийх-география факультетиниң география қәнигелигине оқыўға киреди. Студентлик дәўиринде-ақ билими, зийреклиги ҳәм устазларға болған ҳүрметиниң айрықшалығы менен ажыралып турар еди. Оқыўды тамамлаўдан-ақ өзи тәлим алған факультеттиң ассистент-оқытыўшысы болыў бахтына еристи.

Кеңпейил ҳәм өз кәсибине пидайылық пенен қатнас жасаўшы кәсиплесимиз өзиниң мийнет жолында көп ғана шәкиртлердиң билимли, саўатлы ҳәм тәрбиялы болыўына үлкен үлес қосты. Өз кәсибиниң жетик маманы, ислерге пуқталығы, кәсиплеслерине болған ҳүрмети нәтийжесинде декан орынбасары лаўазымында да әдиўли мийнет етти.
Еле өмирдиң елиў бәҳәрин де қарсылап үлгермеген кәсиплесимиз көп жыллар даўамында университетимиздиң Кәсиплик аўқамын басқарып келди ҳәм көплеген жақсы нәтийжелерге еристи.
Нуранов Махмуд ҳаққында қанша жақсы пикирлер айтсақ та аз. Егер арамызда болғанда көплеген жақсы ҳәм ийгиликли ислерге бас болған болар еди. Қәлби адамгершиликке толы бул инсанның жақты дүньядағы ислеген барлық саўап ислери ушын жаратқанның өзи жарылқаған болсын деп мудамы жақсы тилекте жүремиз. Ақыры илим үйретип, келешек әӯладқа тәрбия бериӯдиң өзи үлкен саӯап деп бийкарға айтпайды жас үлкенлеримиз.
ҚМУ. Кәсиплик аӯқам комитети баслығы А.Аллияров