ӘДЕБИЯТТАНЫЎ ИЛИМИНИҢ ЖАН КҮЙЕРИ  ЕДИ…

 

Ғәрезсизлик  дәўирдеги  әдебияттаныў  илиминиң  раўажланыўына  үлес  қосып  киятырған  әдебиятшылардан  Қ.Жәримбетов, С.Баҳадырова, Қ.Оразымбетов, К.Алламбергенов, М.Бекбергенова, Б.Генжемуратов, С.Қазақбаев, П.Нуржанов, К.Палымбетов, З.Бекбергенов, Ж.Низаматдинов, П.Алламбергенова, М.Оразымбетова, Қ.Турдыбаев, А.Досымбетова, Ж.Сагидуллаева, Ж.Қаниязова, И.Мәмбетов, Г.Тоқымбетова ҳәм тағы басқаларды  атап  өтсек  арзыйды. Бул  илимпазлардың  қарақалпақ  әдебияттаныў  илимине  байланыслы  илимий-теориялық  мийнетлери,  илимий  изертлеў  мәселелери  ҳәм  жазыў  стильлери  бир-биринен  өзгешеленип  турады.  Олардың  усындай  дәрежеге  жетиўине  әдиўли  инсанлар Н.Дәўқараев, Қ.Айымбетов, Н.Жапақов, М.Нурмухамедов,  И.Сағитов, С.Ахметов,  Қ.Мақсетов, Қ.Султанов, А.Пахратдинов,  Қ.Камалов,  К.Мәмбетов,  А.Пирназаров, Ю.Пахратдинов  усаған  алымлардың  илимий  мийнетлери  мол  болды.  Бул  уллы  инсанлардың  илимий теориялық  мийнетлери  болмағанда әдебияттаныў  илими  усы  дәрежеде  раўажланбаған  болар  еди.  Олар  әдебияттаныў  илимине  ҳүждан менен қатнас жасап,  хадаллық  ҳәм  жигерлилик  пенен  жазылған  салмақлы илимий  мийнетлери  менен  үлес  қосты. 

Солардың  бири  қәдирли  устазымыз  филология  илимлериниң  докторы, профессор  Қәлимбет  Султанов  ХХ  әсир  қарақалпақ  прозасының  ҳәм поэзиясының изертлениўине айрықша дыққат аўдарып, әсиресе,  Т.Қайыпбергенов,  Т.Жумамуратов,  С.Хожаниязов  ҳ.т.б  жазыўшылардың  дөретиўшилигине  арнаўлы  изертлеў  жумысын  алып  барған  илимпазлардың  бири  еди.  Алымның  «Заманлас жаным менен…», «Жазыўшы-драматург», «Инсан қүдирети», «Шайыр жолы», «Т.Қайыпбергеновтың прозасы», «Прозаның раўажланыў жоллары», «Қарақалпақ әдебияты тарийхы», «Әдебияттаныў» сыяқлы монография,  сабақлық  ҳәм  илимий  аўдармалары  менен бирге әдебият  теориясы,  әдебий  сын, әдебият  тарийхы  бойынша  200  ден  аслам  илимий-теориялық  ҳәм  сын  мақалалары   ғәрезсизлик дәўирдеги жасларға мийрас   болып  қалды. Алымның ҳәрбир мийнети сапалы жазылып, әсиресе оның монографиялары ҳәм сын мақалалары теориялық мәселелерге қурылған.

Белгили алым Қәлимбет Султанов (профессор С.Ахметов пенен  бирликте)  филология  факультетиниң  студентлери  ушын «Әдебияттаныў» сабақлығы 1987-жылы Қарақалпақстан баспасынан көп нусқада  шығарылған еди.  Бул  сабақлық  көп жыллар даўамында  студентлердиң  ҳәм  әдебиятшы  муғаллимлердиң  қолынан  түспес  оқыў  қуралына  айланды.  Усы  сабақлықтың дөретилиў дыққат аўдарсақ   илимпаз  И.Султановтың  Әдебият  теориясы”, З.Қабдоловтын  Сөз өнери  сыяқлы  мийнетлерине   таллаў жасап,  олардың  айырым  теориялық  пикирлерине  сүйенип,  авторлар  бул  теориялық  әдебиятлардың  жазылыўы  хәм  қурылысына  итибар  берип,  сабақлықтың  сапасына  айрықша  кеўил  аўдарған.  Илимпазлар  тәрепинен  жазылған Әдебияттаныў сабақлықтың  қурылысы  үш  бөлимге  ажыратылып,  оған  әдебият  теориясына  байланыслы  тийисли  темалар  қайта  исленип  сапалы  ҳәм  ықшам  етип  киргизилген. Биринши  бөлим  ҳәр  тәреплеме  толық  ҳәм  нәтийжели  жазылған.  Онда  әдебият  туўралы  илим  ҳәм  оның  тараўлары,  әдебий  теориялық  пикирлердиң  раўажланыў,  этаплары,  көркем  әдебият  ҳаққында  түсиник, көркем  әдебияттың  идеялылығы, халықлығы   ҳаққында  түсиник,  көркем  образ,  образдың  түрлери  ҳәм өзгешеликлерин,  көркем  әдебияттың  типиклик  проблемасы  усаған  әдебият  теориясына  байланыслы  темалар  талықланып,  авторлар  тәрепинен  қайта  көрилип  шыққан.

 Сабақлықтың  екинши  бөлиминде  көркем  шығарманы  таллаў  мәселесине  айрықша  итибар  қаратылып,  көркем  шығарманың  темасы,  идеясы, сюжети,  композициясы, тили, көркемлеў қураллар  ҳәм  оның  түрлери,  қосық  қурлысы  туўралы  кең  мағлыўматлар  келтирилген. Көркем  шығармалардың  ең  тийкарғы  сыпатлы  белгилериниң  бири ҳәрқандай  жәмийетлик  турмыс  ҳақыйқатлығы  әдебий  қаҳарманның,  сол  шығармада  сүўретленген  адамның  өмири,  турмысы,  кеширмелери  арқалы  ашылады.  Қаҳармансыз  қөркем  шығарманың  болыўы  мүмкин  емеслигин  алым  дурыс түсинип,  бул  мәселелерге  орынлы  баҳа  бере  алған.  Сондай-ақ  белгили  илимпаздың  көркем психологизм  туўралы  билдирилген  теориялық пикирлери  жас  алымларға  көркем  шығармаларды  дурыс түсинип  таллаўына  бағдар  болады.

Жазыўшылардың  қөркем  шығармаларында  конфликтлерди  қолланыў  шеберликлери, өзгешеликлери ҳәм үйрениў  мәселелери  қөркем  текстлер менен  дәлилленип  өтиледи.  Мәселен,  Т.Қайыпбергеновтың Суўық тамшы, Сонғы ҳужим,  И.Юсуповтың  Актрисаның ығбалы, Тумарис, Дала әрманлары усаған  шығармалардан мысаллар  келтирип  теориялық  пикирлерин  сыпатлап,  Ш.Айтматовтың  повестълериндеги  конфликтлер  менен  салыстырылып,  жазыўшылардың  конфликт  қурыўдағы  шеберликлери  көрсетилип  өтилген. Булардан  басқа  сабақлықта  әдебий  шығарманың  композициясы  жөнинде  терең теориялық  пикирлер  айтылған. 

Филология илимлериниң докторы, профессор Қәлимбет  Султановтың «Әдебияттаныў», «Қарақалпақ әдебияты тарийхы», «Т.Қайыпбергеновтың прозасы», «Прозаның раўажланыў жоллары», «Заманлас жаным менен…», «Жазыўшы-драматург», «Инсан қүдирети», «Шайыр жолы» усаған мийнетлери әдебияттаныў илимине қосылған салмақлы үлес деп баҳалаймыз. Белгили алымның бул мийнетлери болажақ алымлар, докторантлар, излениўшилер, магистрантлар, студентлер ушын жүдә баҳалы ҳәм үлкен тәрбиялық әҳмийетке ийе.

 

Юсупов Қонысбай Абылович.

Филология илимлериниң кандидаты

 

 

 

Пайдалы дереклер