УСТАЗДЫҢ УЛЛЫ ЖОЛЫ

 

(Устазым  Уразбаев Қуўанышбек Байымбет улын еслеп )

Мен 1984-жылы Нөкис мәмлекетлик университетиниң Романо-герман тиллери факультетине оқыӯға түстим. Сол ӯақыттан баслап, Уразбаев Қуўанышбекти  өзиме устаз тутындым. 

 Устаз өз кәсибин жүдә сүйетуғын еди, билим үйретиӯден жалыққан емес, сол ўақытлары  инглис тили бөлиминде бир группаны 3 киши топарға бөлип оқытатуғын еди, яғный, ҳәр киши группада 7-8 студент болатуғын еди.  Бес жыл тәлим алыў барысында устазымыздың берген билимлери нәтийжесинде, 103- топардағы  үш шәкирти республиканың түрли жоқары окыў орынларына жумысқа орналасып, устаздың жолын даӯам еттиретуғын белгили маман-қәнийге болдық.

Университет  атлы муқаддес дәргайда Қуӯанышбек устазымның  илимде жан күйер инсан екенлигин, ҳәр бир шәкиртиниң келешегине дурыс бағдар бере алатуғын мотиватор ҳәм өмириниң ақырына шекем дослық пазыйлетлерге әмел қылған инсан екенлигине гүӯа болғанман. Студентлик дәӯирде университет ҳәм факультет жәмәәти жумысларында белсене араластық, илимге ықласымыз оянды, илимий-теориялық конференцияларда инглис тилинде баянатлар жасап басладық. Усының бәринде әдиӯли устазымыздың үлеси болды.

Еле есимде, ағамыз устаз болыӯ менен бирге жүдә талантлы, актерлық қәбилети күшли инсан еди. 1984- жылы Романо-герман филологиясы факультетиниң 30 жыллық юбилейи болып, Испан мәмлекетиниң миллий аяқ ойынын факультетимиздиң латын тили оқытыўшы А. Сейдаметова ҳәм устазымыз Қуӯанышбай аға атқарып шықты. Басында испанлардың миллий үлкен шляпасы Сомбреро, аяқ ойынды “нақышына” келтирип ойнағанда, ҳәмме талантына тәсийин қалып, залда отырғанлар орнынан турып узақ даўам еткен қол шаппатлаўлар болған еди.

Сабақ процессинде юморды көп қолланады, сонлықтан студентлер менен еркин сәўбетлесип, устаз-шәкирт арасында ҳеш қандай тосық  болмайтуғын еди, бәрҳәма жас қәнигелерге өзиниң мәсләҳәтин берип, жол жоба көрсетиўден жалыққан емес.

Үлкен-киши менен теңдей қарым-қатнаста болатуғын еди, факультетте өзиниң коллективине толерантлық қатнас көрсетиўди ҳәм көбирек жаслар менен ислесиўди жақсы көрди, илимге бағдарлады.

Нәтийжеде устазымыз Москва қаласында 1985- жылы 15-ноябрьде өзиниң  «Терминологическое словосочетание как единица номинации» атлы кандидатлық диссертация жумысын табыслы қорғап шықты. Устазым тийкарынан инглис тилиндеги терминлердиң аўдармасына қызығатуғын еди.

3-курста оқып жүргенимизде устазымыз         1988-жылы апрель-июль айларында Англия пайтахты Лондон қаласында он еки хәптелик стажировкада болып қайтты.

1991- жылы 26-мартта доцент илимий дәрежесин алды.

1984-1990-жыллары Бердақ атындағы Нөкис мәмлекетлик университетиниң «Англичан тили» кафедрасының оқытыўшысы, аға оқытыўшысы, кафедра баслығы, Роман-герман филологиясы факультетиниң декан орынбасары ретинде жумыс алып барды.

1990-1995-жыллары Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «Шет тиллер» кафедрасының баслығы, усы кафедраның доценти хызметин атқарды.

1993-2006- жыллары устазымыз Өзбекстан Республикасының Сыртқы ислер министрлигинде I-хаткер лаўазымында жумыс иследи. Усы жыллар аралығында Москва, Киев, Баку қалаларында Өзбекстан Республикасының елшиханаларында консул, биринши хаткер, кеңесши лаўазымын атқарды.

Жумыс сапары менен 1994- жылы Египеттиң Каир қаласында, 2005- жылы Германияның Бонн ҳәм Берлин қалаларында болды.

2006-жылдың  сентябрь айынан баслап 2019-жылға шекем, яғный өмириниң ақырына Қазақстандағы Түркистан қаласында жайласқан Хожа Ахмет Ясаӯий атындағы Халықаралық қазақ-түрк университетине жумысқа шақырылып, өмириниң ақырына дейин Филология факультетинде доцент ҳәм «Англичан филологиясы» кафедрасының баслығы ретинде жумыс ислеп келди.

Қ.Б.Уразбаев баспадан шығарған илимий мийнетлериниң саны 130 дан асты. Олардың ишинде 65 мақалалар, 58 конференция баянламалар тезислери, 7 оқыў қолланбалардың авторы болып есапланады. Мысалы:

1) Англичанша-руссша-қарақалпақша сөйлеу китапшасы (Нөкис, 1991).

2) English Special Texts for Math (Түркистан, 2006);

3) English for Informatics (Түркистан, 2007);

4) Eternal Biology (Түркистан, 2008);

5) Словарь биологических терминов (четырехъязычный) (Түркистан, 2010, 2-ое издание 2015).

6) Многоязычный словарь слов с тюркскими основами (на 8 языках) (электронное учебное пособие) (Түркистан, 2015).

7) English Lexicology (электронное учебное пособие) (Түркистан, 2016).

Усы ўақыяларды еслеўдеги мақсет, сол дәўир ишинде қыйыншылықларға қарамастан ол жақсы, кеӯли кең инсан ҳәм тәрбияшы устаз сыпатында мәмлекетимизде инглис тилинен кадрлар таярлаўда өзиниң бийбаҳа үлесин қосқан алымлардан бири болып есапланады.

2019-жылы шет еллер менен бирге ислесиў, тәжирийбе алмасыў ис-илажлары тийкарында устазым К. Уразбаев Бердақ атындағы  Қаракалпақ мәмлекетлик университети, Шет тиллери факультети, “Аўдарма теориясы ҳәм әмелияты” кафедрасы студентлерине  инглис тилиниң Лексикология, Инглис тили тарийхы, Инглис тили әдебияты, аўдарма теориясы ҳәм тарийхы пәнлери бойынша студентлерге лекция оқыды ҳәм студентлерде үлкен қызығыўшылық оятты.

Жақында апрель айының 15-сәнесинде устазымыздың көп жыллық мийнети ҳәм ҳүрметин есапқа алып Қазақстандағы Түркистан қаласында жайласқан Хожа Ахмет Ясаӯий атындағы Халықаралық қазақ-түрк университети жәммәәти  «Шет тиллерди оқытыўда инновациялық ҳәм цифрлы технологиялар» атамасында Халықаралық илимий-әмелий конференция өткерди.

Терең ҳәм кең билимли, ҳадал, туўры сөзли, киши пейил инсан устазымыздың жарқын келбети бәрше кәсиплеслери, шәкиртлери, перзентлери ҳәм жақынларының қәлбинде узақ сақланып қалады.

Факультетлер аралық шет тиллер

 кафедрасы баслығы,  доцент Д.Т. Кубейсинова

 

 

Пайдалы дереклер