Марҳум блогер-журналисттиң ҳүрметине

Марҳум блогер-журналист Фуркат Юсуповтың «Футбол фалсафаси» атлы китабы презентациясы университет Мәденият сарайында өткерилди. Оған Ф.Юсуповтын ата-анасы, курсласлары, устазлары ҳәм студент жаслар қатнасты. Кешени журналистика кафедрасы баслығы Д.Бекбаулиев ашып берди.

 Ф.Юсуповтын «Футбол фалсафасы» китабы презентациясы менен филология илимлери кандидаты, доцент З.Қожиқбаева баянат жасады. Кешениң әдебий бөлиминде студент жаслар тәрепинен сахналық көринислер қойып берилди, викторина сораӯ-жуӯап ойынлар шөлкемлестирилди, китаптан үзиндилер қойып берилди.

Ф. Юусупов ҳаққында  шығармалар таңлаӯы жәрияланған еди. Оған 80 нен аслам шығармалар келип түсти. «Ең жақсы мақала»,»Ең жақсы қосық»,»Ең жақсы эссе»,»Ең жақсы видео ролик» номинациясы бойынша жеңимпазлар анықланды. Жеңимпазлар университет ҳәм Kruz.uz сайты тәрепинен диплом ҳәм баҳалы саӯғалар мн сыйлықланды.

 

 

Пайдалы дереклер