Китап монографиясы XIX әсирдеги қарақалпақ классик әдебиятының көрнекли ўәкили Бердақ Ғарғабай улының дөретиўшилик индивидуаллығын, лирикалық ҳәм лиро-эпикалық шығармаларының идея-тематикалық, формалық ҳәм көркем-эстетикалық өзгешеликлери менен биргеликте шайыр жасаған XIX әсирдеги тарийхый-мәдений шараят, әдебий дәстүрлер ҳәм әдебий орталық пенен тығыз байланыста изертлеўге бағдарланған. Сондай-ақ, изертлеўде Бердақтың шығармаларына халық аўызеки дөретиўшилигиниң (идея, тема, образ, жанр) интерпретациясы мәселеси ҳәр тәреплеме сөз етилип, мысаллар менен дәлилленген.
Китап мазмуны тийкарғы үш баптан турады яғный «Қарақалпақ әдебиятында дөретиўшилик индивидуаллық мәселеси ҳаққында», «Бердақ лирикасының жанрлық тәбияты, стиллик өзгешелиги» ҳәм «Бердақ дөретиўшилигинде жанрлар трансформациясы» ҳаққында сөз етеди.
Изертлеў нәтийжелеринен докторантлар, студентлер ҳәм магистрантлар кеңнен пайдаланыўы мүмкин.
Нурсултан Темирханов
ҚМУ студент