ӨЗ БИЛИМИН ӘМЕЛИЯТТА СЫНАМАҚТА

2020-2021-оқыў жылының бәҳәрги семестринен баслап Архитектура факультети Автомобиль жоллары ҳәм аэродромлар топары 3-курс студентлери өндирислик әмелиятын өтиў ушын Қарақалпақстан Республикасы автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасына қараслы қала ҳәм район аймақларындағы унитар кәрханаларға жол қурылыс бөлимлерине жиберилип, тийисли қәнигелерге бекитилди.

2020-2021-оқыў жылында  5340800 – Автомобиль жоллары ҳәм аэродромлар бакалавр бағдары 3-курс студентлери өндирислик әмелиятын усы жылдың 17-май сәнесинен баслап Нөкис қаласында жайласқан 4Р-174 ҳәм 4Р176а автомобиль жолының жол қурылысы бөлимлеринде өткермекте.

Әмелиятшы студент жаслар өндирислик әмелияты даўамында өзлериниң «Автомобиль жолларын жойбарлаў, Жол қурылысы материаллары, Автомобиль жолларын қурыў, Көтериў-тасыў, жол қурылысы машиналары ҳәм үскенелери, сыяқлы қәнигелик пәнлеринен алған теориялық билимлерин беккемлеў ҳәм жол қурылысы бөлимлеринде әмелде қолланып үйренбекте.

 

Қала қурылысы кафедрасы ассистенти

Б.Қосымбетов.

 

Пайдалы дереклер