Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде усы жылдың 24-октябринде болып өтетуғын Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы процеси шөлкемлестириўшилериниң сайлаў нызамшылығы бойынша билимин жетилистириў бойынша аймақлық тренерлерди таярлаў ушын семинар-тренинглер алып барылмақта. Бүгин семинар тренингтиӊ екинши күнги оқыӯ сабақлары даӯам етип атыр.
Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўының әҳмийети ҳәм оған таярлық жумысларының барысы, аймақлық тренерлерди таярлаў ушын шөлкемлестирилип атырған семинар-тренинглердиң мақсет және ўазыйпалары, сиясий мапазға таярлық көриў бойынша алда турған әҳмийетли ўазыйпалар бағдарында түсиниклер берип өтилди.
Бүгинги күни пүткил елимиз бойлап бул сайлаўға қызғын таярлықлар көрилмекте. Оны халқымыз арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясы ҳәм басқа да бир қатар жоқары оқыў орынлары менен биргеликте аймақлық тренерлерди таярлаў ушын семинар-тренинглер шөлкемлестирилмекте.
-Аймақлық семинар-тренинглерде оқыў елимиздиң жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшылары, сондай-ақ мәмлекетлик уйымлардың сайлаўларды өткериў бойынша тәжирийбеге ийе хызметкерлери тәрепинен алып барылады,-дейди Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитети бажыхана институтының доценти, юридика илимлериниң докторы Оңғарбай Өтегенов.-Олар тәрепинен болажақ сайлаўлардың ҳуқықый тийкарлары, ондағы соңғы өзгерислер ҳәм алдағы ўазыйпалар бойынша сабақлар өтиледи. Оның жуўмағында Қарақалпақстан Республикасы бойынша 118 тренер таярланады.
Аймақлық семинар-тренинглер 22-майға шекем даўам етеди.



ҚМУ Баспасөз хызмети.