СТУДЕНТЛЕРИМИЗ  ТЕОРИЯЛЫҚ БИЛИМЛЕРИН ӘМЕЛИЯТТА БЕККЕМЛЕДИ

Студентлер оқыў барысында алған теориялық билимлерин әмелиятта беккемлеӯ ушын  бир қатар кәрханаларда болып, қәнигелерден баҳалы мәсләҳәтлер алды. Бул ертеӊги күни өндириске араласқанда қол келетуғын дәслепки түсиниклерден саналады.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Қурылыс факультети 3-курс Инженерлик коммуникациялар курылысы ҳәм монтажы бакалавр бағдары студентлериниң өндирислик әмелияты Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлигине, Қарақалпақ суў тәмийнаты ЖШЖ кәрханасында шәртнама тийкарында алып барылып, оған Инженерлик коммуникациялар қурылысы кафедрасы ассистент-оқытыўшылары К. Айтбаев, З. Турлыбаев, А.  Сейтимбетов  басшылық етпекте.

Бул жерде студентлер оқыў барысында алған теориялық билимлерин әмелиятта беккемледи. 1-санлы Нөкис суў бөлистириў буўыны (УРВ-1 Нукус) халықты ишимлик суў менен тәмийинлеў объектлериниӊ жумыс ислеў процесслери менен танысты.

 

 

 

 

Инженерлик коммуникациялар курылысы

ҳәм монтажы кафедрасы оқытыўшысы;                                              З. Турлыбаев         

Пайдалы дереклер