ҚАЙЫР-САҚАЎАТЛЫЛЫҚ – ХАЛҚЫМЫЗДЫҢ АҒЛА ПАЗЫЙЛЕТИ

Кем тәмийинленген ҳәм жәрдемге мүтәж инсанларға жақсылық етиў, қайыр-сақаўатлы ҳәм саўаплы ислерди ислеў – миллий қәдириятларымыздың тийкарғы белгиси саналады.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Биология факультети жәмәәти Шымбай «Мүриўбет» майыплар ушын ерлер интернат үйинде болып, ол жерде емленип атырған наўқаслар ҳалынан хабар алып, азық-аўқатлық өнимлер инам етди.

Өз гезегинде «Мүриўбет» майыплар ушын ерлер интернат үйи жәмәәти усындай көрсетилип атырған ғамқорлықлардан кеўли толып, тараў басшыларына өзиниң миннетдаршылығын билдирди.

 

Жалгасбай МУЙНАКБАЕВ,

Биология факультети Жаслар менен

ислесиў бойынша декан орынбасары.

 

Пайдалы дереклер