Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде профессор-оқытыўшылардыӊ студент жасларға билим бериӯи менен бирге илимий жумыслар ислеӯи ушын да, сондай-ақ, саламатлығын беккемлеӯ илажлары барысында да ҳәмме мүмкиншиликлер жаратылған. Буған бир мысал, усы жыл 18-19- май күнлери Университет профессор-оқытыўшылары арасында “Дослық спартакиадасы” болып өтти. Бул өткерилген спорт илажлары спортқа ықласы бәлент кәсиплеслеримиз арасында үлкен байрам кейпиятында өтти.
“Дослық спартакиадасы”қатнасыӯшылары ишинде жас шаӊарақ ийелери де бар еди. Булар өзлериниӊ спорттағы табыслары менен көпке үлги бола алды.
Бунда спорттыӊ шахмат түри бойынша Математика факультетинен «функционал анализ, алгебра ҳәм геометрия» кафедрасы доценти А.Алауадинов ҳәм «математикалық анализ» кафедрасы ассистенти Д.Реймбаевалар катнасып, бириншиликти алды.
Спорттыӊ шахмат түри бойынша бириншиликти ийелеген жеӊимпазларымыз үлгили шаңарақлардың бири. Демек, шаӊарақта да спортты өзлерине дос тутынғанлығы спорт жарыслары даӯамында айқын көзге тасланды.
Олардыӊ татыӯ шаӊарағында 2 ул тәрбияланып атырған болса, үлкен перзенти Нөкис қаласыдағы Президент мектеби оқыўшысы.
Олар шаӊарақта үлгили ата-ана болса, факультетте де көпке өрнек, жәмийетлик жумысларға да белсендилик пенен қатнасып келмекте.
Биз усындай үлгили математик ҳǝм спортшылар шаңарағын мақтаныш етип, басқаларға үлги етип көрсеткимиз келди.


ҚМУ
Математика факультетиниӊ
жаслар менен ислесиӯ бойынша декан орынбасары.
М.Таӊирбергенов.