Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры Ахмед Реймов «Белоруссия мәмлекетлик технология университети раўажланыўына қосқан хызметлери ушын» медалы менен сыйлықланды

 Бурын хабар етилгениндей Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры Ахмед Реймовтыӊ басшылығындағы делегация ағзалары менен Белоруссия мәмлекетлик университетинде ушырасыӯлар алып барылмақта.

Ушырасыӯ даӯамында БМТУ ректоры Игорь Войтов делегацияны университетиниӊ билимлендириӯ бағдарламасы, илимий-изертлеӯ ҳәм халықаралық байланыс хызметин раӯажландырыӯдыӊ тийкарғы бағдарлары менен таныстырып өтти.

Ушырасыӯда  Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры Ахмед Реймовқа халықаралық дослық ҳәм халықаралық билимлерди раӯажландырыӯ саласында қосқан хызметлери ушын «Белоруссия мәмлекетлик технология университети раўажланыўына қосқан хызметлери ушын» медалын салтанатлы жағдайда тапсырды.

 

ҚМУ Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер