«АНАЛАР  ҲӘЙЙИЎ АЙТҚАНДА» ҲӘЙЙИЎ  ҚОСЫҚЛАР ТАҢЛАЎЫ ямаса Миллий қәдириятларымыз  жәм болған    таңлаў

           Сондай бир ǝжайып қосық бар, ырғағы жанды тербендиреди, бул қосықтың намасы да, сөзи де меҳрийбан аналарымыздың арзыў-ǝрманын, тилек ҳǝм ийгиликли нийетлерин сǝўлелендирип турады, нǝрестениң пǝк жүрегине ана меҳири менен сиңип, шексиз муҳаббат таратады. Бул-ҳǝййиў қосығы. Бул аналар косығы. Перзентиниң айдын келешегин, ығбал-бахтын ҳǝййиў арқалы жеткерип, баласын нама ырғағында тǝрбиялаўды сол ески заманлардан-ақ билген аналар урпағы екенлигимизден, сондай дүньяны таң қалдырғандай қǝдириятларымыз бар екенлигинен ҳǝр биримиз қанша мақтансақ та ҳақылымыз.

          Мине, усындай, бай мийрасымызды университет студент-қызлар арасында кең түрде үгит-нǝсиятлаў мақсетинде жақында университетимиз ҳаял-қызлар Кеңеси тәрепинен «Халықаралық  шаңарақ күни» мүнәсибетине бағышлап университет  жас профессор-оқытыўшы ҳаял-қызлары ҳәм  студент-қызлары арасында «Аналар ҳаййиў айтқанда» атамасында  «Ҳәййиў» қосықлар таңлаўы болып өтти.

           Таңлаўда тийкарынан факультетлерден студент қызлар, жас аналар, сондай-ақ,  жас  профессор-оқытыўшы  ҳаял-қызлар қатнасты. Таңлаў қатнасыўшылары тәрепинен  халық аўзында айтылып жүрген бесик жырлары, ҳәййиў қосықлары атқарылыўы тийис болып, олардың арасынан атқарыў шеберлиги хәм ҳәййиў мазмунына айырықша итибар берилип, төрешилер қурамы тәрепинен мүнǝсип баҳаланды. Таңлаў шәртлерине бола қызларымыз ҳәр тәреплеме сынақтан өтти. Яғный, бунда ҳәййиў қосығын олардың нама яки ишки саз бенен кәмине келтирип атқарып бериўи, ҳәййиў атқарылған ўақытта қызларымыз ҳақыйқый ана образына кирип бесиктен, кишкене нәресте, яғный бесик баласын услап –тутыўы, болажақ ананың өз нәрестеси қасында өзин услап тутыўы, отырыў мәденияты, нәрестелерге меҳир бериўи, сондай-ақ, сол ҳәййиў атқарылып атырған орынның миллий қәдириятларымызға сай безелиўине шекем есапқа алынды.

Бизди айрықша қуўандырғаны, студент-қызларымыз тәрепинен ҳәййиў қосықларын тек ғана қарақалпақ тилинде емес, ал, түрли миллет ўәкиллериниң, яғный қарақалпақша, өзбекше, қазақша, түркменше ҳәтте, украинша ҳәййиў қосықлары атқарылды. Қызларымыз қайсы миллеттиң тилинде ҳәййиў қосығын атқарса, сол миллеттиң миллийлигин сәўлелендирип туратуғын кийим-липасларда, жүдә жарасықлы орамал –шаршы безеклерди тағынып қатнасты. Қызларымыздың ҳәййиў қосығын атқарыўға болған ықласын көрип, туўрысы студент-қызларымызға ата-аналары ҳәм де оқыў дәргайымыз тәрепинен берилип атырған тәлим-тәрбияның нәтийжесин сезинип қуўандық.

Өткерилген бул таңлаўда университетимиздиң хәр бир қызы белсенди қатнасып, олардың белсендилиги  миллий қәдириятларымызға болған жоқары руўхый көз-қарасы ҳәм мәдениятында, шеберлик пенен атқарған бесик жырларында өз сәўлесин тапты.

Танлаўдын ашылыў мәресимине университет Жаслар мәселелери ҳәм руӯхый ағартыӯшылық  ислери бойынша проректоры С.Алауатдинов, ҚМУ ректорының ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси И.Сейтназарова, университет Кәсиплик аўқам комитети баслығы  А.Аллаяров  қатнасып, таңлаўды ашып берди ҳәм қызларымызға табыслар тиледи. Таңлаўда қызларымыздың мийнетин,  айтылған «Ҳәййиў» қосықларын тәжирийбели тараў қәнигелеринен ибарат төрешилер қурамы баҳалап барды. Олар:

1) Гүләсем Үббиева  – Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги  «Шаңарақлық қәдириятларды беккемлеў» бөлими баслығы.

2) Айгүл Пирназарова – И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақстан мәмлекетлик көркем өнер музейиниң Этнография бөлими баслығы.

3) Гулбаҳар Ахымбетова – Өзбекстан көркем өнер ҳөм мәденият институты Нөкис филиалы доценти, Қарақалпақстан халық бақсысы, Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтыӊ ийеси.

4)Гүлбәҳәр Қазақбаева  – Қарақалпақ мәмлекетлик университети Мәлимлеме ресурс орайы методисти

Таңлаў жуўмағына бола, 1-орынды  Шет тиллери факультети 4-курс студенти Айзада Юсупова, 2-орынды Архитектура факультети 3-курс  студенти Г. Есбосынова ийелеген болса, 3-орынға Көркем өнер факультетиниң 2-курс студенти Ҳ.Муҳамадалиева ылайық деп табылды.

Сондай-ақ, қалған қатнасыўшылар  «Ең тəсирли ҳəййиў», «Тəрбиялық əҳмийети күшли ҳəййиў», «Меҳир менен айтылған ҳəййиў»,  «Халық арасында сақланып қалған ҳəййиў»,  «Заманагөй ҳəййиў», «Кемпир апамның ҳəййиўи»  сыяқлы номинациялардың жеңимпазы болды.

Соның менен бир қатарда,  ҳәр бир қатнасыўшыға атқарыў шеберлиги ҳǝм қосық мазмунына қарай төрешилер қурамы тǝрепинен әдиллик пенен баҳаланып оларға керекли болған мәсләҳәтлер де берилди. Әсиресе, басқа тиллердеги ҳǝййиў қосықларын шеберлик пенен атқарған қызлар айрықша атап өтилди.

       

   Таңлаў жеңимпазлары университетимиз Ректораты, Кәсиплик аўқам комитети  ҳәм ҳаял-қызлар Кеңеси тәрепинен  «Диплом», «Ҳүрмет жарлықлар» хәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Бǝршемизге анамыз меҳирин нама ырғағында кеўлимизге жайлаған ҳǝййиў қосығы-дүньядағы ең уллы қосық. Ҳǝййиў-бул аналар меҳири, ҳǝййиў бул-кемпир апаларымыздың ақ пǝтиясы, бул – ананың перзентине гөдеклигинен баслап тилеген тилеги, кеўлиндеги уллы үмити. Ҳǝр бир ҳаял-бесик пенен айтқан ҳǝййиўи менен жǝне де гөззал, жǝне де қǝдирли.

           Таңлаўда қатнасқан ҳǝрбир студент қыздың кеўлинен мине усындай сезимлер өткен болса, келешекте бир шаңарақтың бахытлы бийеси болып, алтын бесик шайқаўды нийет еткен болса тǝәжип емес.

Университетимиз қызларының миллий қǝдириятларға болған көз-қарасын айқын сәўлелендириўде усындай таңлаўлардың өткерилиўи айрықша әҳмийетке ийе.

Инжайым Сейтназарова,

Бердақ атындағы ҚМУ ректорының

Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси.

Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген жаслар устазы.

 

 

Пайдалы дереклер