Усы оқыӯ жылында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети мектеплер менен ислесиӯди жақсы жолға қойды. Оқыӯ жылы жуӯмақлана келип, мектеп питкериӯшилериниӊ «Соӊғы қоӊыраӯы»на да қатнасты.
Усы жыл 25-май күни Әмиўдәрья районы Халық билимлендириў бөлимине қараслы № 8 ҳәм № 23- улыўма билим бериў мектеплери питкериўшилерин «Соңғы қоңыраў» байрамы менен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректораты, Шет тиллери факультети жәмәәти атынан қутлықлаў мақсетинде Немис тили ҳәм әдебияты кафедрасы үлкен оқытыўшысы Якыпбай Курбанов ҳәм усы кафедра баслығы, PhD Даулетнияз Бердимуратовлар барып питкериўшилер менен сәўбетлесип, оларға баҳалы мәслләҳәтлерин берип, ҳақ жол тиледи.

Немис тили ҳәм әдебияты кафедрасы баслығы: Д.Бердимуратов