Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы Өзбекстан Экологиялық партиясы фракциясы, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәселелери комитети тәрепинен «Өзбекстанда экологиялық тәлимниң актуал мәселелери» темасында өткерилетуғын илимий-әмелий конференцияға мирәт етемиз.
Конференцияның мақсети: адамныӊ экологиялық мәденияты нәтийжелилигин асырыў менен байланыслы мәселелерди үйрениў, экологиялық тәлиймат, билим ҳәм тәрбия мәселелери хәмде олардың сапасын жақсылаў мүмкиншиликлерин үйрениў.
Конференция секциялары:
- Өзбекстан Республикасы “Билимлендириӯ ҳаққында ”ғы ҳәм “Тәбиятты қорғаў ҳаққында”ғы нызамлары, Өзбекстан Республикасында экологиялық тәлимди раўажландырыў Концепциясы, 2030-жылға шекем болған Өзбекстан Республикасында әтирап-орталықты қорғаў Концепциясына муўапық үзликсиз тәлим системасында экологиялық тәлийматтың тийкарғы принциплерин әмелге асырыў.
- Мектепке шекемги тәлим ҳәм Халық билимлендириӯи системасында экологиялық мәдениятты қәлиплестириў теориясы ҳәм әмелияты. Экологиялық сананы қәлиплестириўдиң инновациялық тәжирийбесин асырыў. Экологиялық тәлимниң заманагөй технологиялары.
- Өзбекстанның турақлы раўажланыўы ушын экология саласындағы қәнигелерди кәсиплик таярлаў мәселелери.
- Өзбекстан халқыныӊ экологиялық мәдениятын жоқарылатыӯда мәмлекет, жәмийетлик ҳәм жаслар шөлкемлериниң өз-ара шериклиги.
Конференция жобасы ҳәм материаллары комплексиниң электрон версиясы баспадан шығарылады. Сол мүнәсибет пенен конференцияда қатнасыў ушын 2021-жыл 15-июнь күнине шекем төмендеги талаплар тийкарында тезислерди усыныўыңызды сораймыз:
- Материаллар жазба формада (А4 формат ) ҳәм электрон көринисте усыныс етиледи. Файл форматы “Документ Word”, шрифт Times New Roman, кегль 14, интервал – 1,5 болыўы керек.
- Мақала аты, фамилия ҳәм аты, әкесиниң аты бас ҳәриплери, шөлкем аты (шрифт ярым қара ) – бет орайында жайласқан болыўы керек.
- Тийкарғы текст шрифти 1,5 интервал қатарларда жазылады. Текслеў – орай бойынша, сөзлер көширилиўи – автоматикалық түрде.
- Пайдаланылған әдебиятлар дизими – тийкарғы тексттен кейин жазылады.
- Тийисли әдебиятқа белги қылыў квадрат формасындағы қаўыс ишинде болыўы ҳәм текст соңындағы әдебият номер саны № ҳәм бет номери № көрсетилиўи керек.
- Мақала көлеми 3-5 беттен ибарат болыўы керек.
- Конференцияда қатнасыў ушын төлем алынбайды.
- Конференция рәсмий тиллери – өзбек, рус, инглиз тиллери.
Байланыс ушын телефон номерлери: 71 239 26 59, 71 239 85 36.
Эл.почта: s.begiev@parliament.gov.uz